ХАЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕГИ ҚЫЗ

той хат орнына

Адамзат болып дүньяға келип, есейип, кәмалға келгеннен соң, белгили бир кәсип ийеси болып, ел-халқына әдиўли хызмет еткиң келеди. Буған әлбетте, биринши гезекте жаслық талўас, умтылыўшылық ҳәўес ҳәм изинде белгили бир мақсетке ерисиў үлкен роль ойнайды.
Сол айтқандай Қараѳзек районының «Қуралпа» аўылынан оқыйман, билим алып, белгили бир кәсиптиң ийеси боламан деген шийриннен-шекер қыяллар шырмаўығындағы Нѳкиске келген Жумагүл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирди. Питкерип болып, ѳз мийнет жолын «Қарақалпақстан жаслары» газетасында техникалық хызметкер-яғный, хат ѳткериўши ўазыйпасынан баслады. Бул да үлкен жуўапкерли жумыс еди. Ҳәзиргидей интернет түўе, қол телефонның аты-ҳаўазасы жоқ ўақытта авторлардан, жәмийетлик хабаршылардан жаңалықлар, хабарлар почта арқалы хат болып жазылып, конвертте келер еди. Соларды тийисли бѳлим хабаршыларына, әдебий хызметкерлерге тарқатып бериў ҳәм олардың кѳрсетпеси бойынша газетаға жәрияланғанын-жәрияланды мынандай санда ҳәм талапқа жуўап бермейтуғынын хат ийелерине «жуўап хат» жазыў да оның мойнында еди. Буларды биз не ушын таллап, түсиндирип отырмыз? Неге дегенде Жумагүлдиң ѳмир жолына әйне усы хат ѳткериўшилиги соқпақ салып берди десек, қәтелеспеймиз. Себеби, қарақалпақ филологиясын питкерип, келешекте муғаллим болыўшы қыз, тап усы жерден журналистикаға қәдем басты. Аўа-дә, күнде хат-хабарларды ѳз қолынан ѳткерип отырған ол, ҳәр бирине кѳз таслап, дыққат-итибар менен қараўының нәтийжесинде усындай бурылыс болса тәәжүп емес!
Жоқарыда айтып ѳткенимиздей ҳәр ким де ҳәр биреўге ҳәўес етеди. Жумагүл Қараѳзек районлық 22-санлы мектепте алық оқығанлығы себепли пәнлер олимпиадасына қатнасып, белгили орынларды ийелеп жүрди. Сол гезлери бир районнан болғанлықтан ҳәзирги қәсиплеси А. Турекеева менен танысып, кейин ала Арыўхан университеттиң журналистика қәнигелигинде, Жумагүл болса филологияда оқыды. Оннан кейинде газетаның корректоры болып ислеп атырғанда әдебий хызметкер болып ислеп киятырған Арыўхан оны газетаға мақала жазыўға қулшындырып, ѳзиниң жол-жобаларын берип барды ҳәм соның нәтийжесинде 1998-жылы газетаға ѳз хабаршы болып жумысқа қабылланды. Әўели кишигирим мақалалар жазып жүрген Жумагүлге әзелден танымалы журналистлер менен бирге ислесиўи оған үлкен мүмкиншиликлер есигин ашты. Ҳәр қыйлы тематикада қәлем тербетип, жаслар турмысы ҳәм машқалаларын кеңнен жарытатуғын кѳлемли, қунлы мақалалар дѳретип баслады.
Мәселен, Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшысы С.Железнова туўралы «Кемликтиң кәмалы бар», «Өнер-ѳмир азығы», «Театр тамашасы-тәрбия майданшасы», «Қырқ қыз» футболға үлес қосады», «Ийесине жетпеген напақа пуллары», «Айланшық жол-нызамнан қашыў ушын емес» ҳ.т.б. кѳплеген мақалалары оқыўшыларға қозғаў салды. Журтшылыққа таныла баслаған Ж.Ембергенованың исми 2009-жылдың январь айында Ташкент қаласындағы Фонд форум тәрепинен ѳткерилген сыйлықлаў мәресиминде айрықша аталды. Яғный ол «Келешек ҳаўазы» таңлаўы жеңимпазларының мийнетлерин баспасѳзде жақсы жарытып барғанлығы ушын арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўға менен сыйлықланды.
Әлбетте, бундай хошамет ҳәр бир журналистти йошландырып, илҳамландырады. Ол оннан сайын шыйрақласып, ѳткирлесип бара берди. 2011-жылы Ғәрезсизликтиң 20 жыллық байрамы мүнәсибети менен ҳәр жылы ѳткерилип келинетуғын, «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазы болды.
Дурысын айтсақ, Жумагүлдиң жазған мақалалары оқыўшылардың нәзерине жийи илинип, оның исми жәмийетшиликте пикир оята алыў дәрежесине жеткен журналистлер қатарында айтыла баслады. Және де оның дѳретиўшилигине нәзер аўдарсақ «Түн жамылған туңғыйық ис», «Исенимге қыянеттиң сораўы аўыр», «Жалған ўәде паш болды» сыяқлы мақалалары бүгинги күнде турмысымызда жүз берип атырған намақул ис-ҳәрекетлерге журналистикалық нәзерден кѳз қарасларын билдирген. Журналистти халыққа танытатуғын да мине усындай сын мақалалар.
Мине, оның усындай мийнетлери быйылғы жылдың Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамында да үлкен иззет-ҳүрмет пенен аталып ѳтилип, Ж.Ембергенова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм планшет саўғасы менен және Ѳзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы шѳлкемлери бирлеспеси тәрепинен де Ҳүрмет жарлығы менен ылайықлы сыйлықланды.
Буның ҳәммеси Жумагүлдиң мийнетиниң нәтийжеси. Оннан қалаберсе Ж.Ембергенова 2021-жылдың май айынан баслап, Нѳкис қалалық «Бестѳбе» елатында жайласқан 30-санлы мектепте дѳретиўшилик ҳәм мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы болып ислеп келмекте. Жумагүл журналист емес пе, мектепке китапқумар ҳәм әдебият сүйер оқыўшылардың санының артыўына ѳз үлесин қосып келмекте.
Мектепте «Бестѳбели жас қәлемкешлер» дѳгерегин дүзип, оған кѳплеген оқыўшыларды тартып, бир оқыўшының китабы баспадан шықты. «И.Юсупов шығармалары билимданы» таңлаўында 9-класс оқыўшысы Шахноза Абуова пайтахтымыздағы 52 мектептиң ишинде 1-орынды жеңип алыўға миясар болды.
Адамның тәрбияланыўында ең биринши ѳз туўылып ѳскен шаңарағының қәсийетли тутымы ѳмириниң ақырына шекем тәсир етип келеди. Жумагүлдиң әкеси Әбдиўалий аға менен анасы Зийнахан апа (илаҳым, ақыретлерин абат етсин) 11 перзентти дүньяға келтирип, тәрбиялап ѳсирген, барлығы да жоқары мағлыўматлы болған. Шаңарақтағы алтыншы перзент болып туўылған Жумагүлди бәлким, ата-анасы халықтың жанашыр ўәкили болғай деп жақсы тилек тилегенди. Мине нәтийжеси-ҳәзир пүткил республикамыз халқы Жумагүл Ембергенованы жақсы таныйды.
Журналист – аты белгили уллы инсанларға еликлесе де, оның ѳз соқпағы, ѳз жолы, ѳз сѳйлер сѳзи, ѳзиниң жазар мақаласы болыўы лазым, сонда ғана ол басқаларға усамай айрықшаланып турады. Мен Жумагүлдиң жазған мақалаларынан усындай айрықшалықты байқағаныма кѳп жыллар болған. Жазған мақалаларында бириншиден оның сѳз саплаў усылына, басқалардың нәзерине әйтеўир нәрсе болып сезилген гәпти мақаласына қосып, сѳзди байытыў шеберлигине қайыл қаламан. Бул да бир журналистлик уқып. Бул да бир талант.
Мине, бүгин кәсиплесимиз Жумагүл Ембергенова елиўинши бәҳәрине шығып отыр екен, биринши ѳзимниң, шаңарағым ҳәм жәмәәтимиз атынан юбилей жасың қутлы мүбәрек болғай деймен. Еле халқымызға бергениңнен бересиң кѳп болсын. Еле халықтың алғысына кѳп сазаўар бола бергейсең. Усы жолда Аллаҳымнан саған күш-қуўат тилеймен. Шаңарағыңда ѳмирлик жолдасың Абдибахыт Пахратдинов пенен улды уяға қондырдыңыз, қызыңызды да қыяға шығарып, олардан ақлық-шаўлық сүйиў бахтына миясар болғайсыз.
Шүкирбай Сийпатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.