
Бүгинги турмысымызды автомобильлерсиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Маркалары, дизайны, абзаллықлары бойынша бир–бирин тәкирарламайтуғын, ҳәммениң ҳәўесин келтирип, нәзерин тартатуғын автомо
бильлерди тамашалаўдың өзи қандай заўықлы. Бул темир тулпарлар инсанның аўырын жеңил, узағын жақын етип, турмыс кешириўимизге әжайып пайыз бағышлап келмекте.
Автомобильлер саны ҳәм айдаўшылар да көбеймекте. Қәниге сыпатында ҳәр бир машина қызығыўшысы ҳәм басқарыўшысы техникалық билимге, кең түсиникке ийе болыўы мақсетке муўапық болады.
Жүрис бөлими элементлери болған, рамалар, аспалар, көшерлер ҳәм дөңгелеклер бузылыў тийкарынан артықша жүк тийеп, жолдың қыйын шараятларында пайдаланыўдан келип шығады. Бунда рама қалдық деформация алыўы ҳәм бүгилиўи онда жарылыўлар пайда болыўы, заклепкалардың босаўы ҳәм трансмиссия агрегатларының өз-ара жайласыўынан бузылыўы мүмкин.
Алдыңғы көшердиң тийкарғы бузылыўларына алдынғы көшер балкасының ийилиўи, шкворняның ҳәм оның втулкаларының желиниўи, дөнгелек подшипниклериниң обоймасы туратуғын орынларының желиниўи, дөнгелеклерди орналастырыў мүйешиниң бузылыўы, усының нәтийжесинде автомобильдиң басқарылыўының бузылыўы ҳәм шинаның желиниўиниң артыўы себеп болады. Рессордың сыныўы ямаса подвесканың (асылманың) пружинасының отырыўы, амортизаторлардың ислемеўи ақыбетинде шинаның артықша желиниўи болады.
Жүриў бөлиминиң көрсетилген бузылыўлары автомобиль ҳәрекетинен оңға ямаса шепке алып кетиўи үлкен тезликте ҳәрекетлениўде алдыңғы басқарылатуғын дөңгелеклердиң тәсиринде автомобильдиң бир тәрепке қыйсайыўы, ҳәрекетлениў ўақтында аспалар тәрепинде тақылдаўлар ҳәм шайқалыўлар жүзеге келеди. Көпирлердиң өз-ара жайласыў аўҳалы алдынғы ҳәм артқы көпирлер көшерлериниң арасындағы аралықты оңнан ҳәм шептен өлшеў менен анықланады. Өлшенген аралықлардың бир-биринен парқ қылыўы рухсат етилмейди. Егер раманың аўҳалын тексериўде оның конструкциясында қурамалы бузылыўлар ямаса базалық өлшемлерде рухсат етилген мәнислерден шетке шығыў анықланса, бул жағдайда автомобиль толық оңлаўға жибериледи.
Амортизаторларға ТХК олардың беккемлениўин тексериўден ҳәм желинген резина втулкаларын өз ўақтында алмастырыўдан турады. Айрықша дыққат герметикликти қадағалаўға қаратылады. Егер амортизатор амортизациялық қәсийетлерин жоқ еткен болса ҳәм сыртқы бетине суйықлық аққан болса, онда амортизатор оңланады ҳәм сынаўдан өткериледи, кейин автомобильге орнатылады.
Саятхан Сапарбаева,
Нөкис қаласы, 1–санлы кәсип өнер мектебиниң ислеп шығарыў өндирислик устасы.
