Мойнақтан шыққан мүсинши

Оның сүўретлеў ѳнерине болған қызығыўшылығы улыўма орта билим бериў мектебиниң 6-класында оқып жүргенинде оянды. Ол дәслеп қуслардың, үй-ҳайўанларының сүўретин салып баслады. Сѳйтип жүргенинде Мойнаққа Москвадан Алексей атлы орыс художник келип, балық консерва комбинаты жанынан сүўрет салыўға қызығатуғын жасларды жәмлеп, дѳгерек ашты. Сүўретшилик дѳгерегине қатнасыўшылар арасында мақаламыз қаҳарманы да бар еди. Устазы оларға пейзаж-натура ҳәм тағы басқа жанрларда сүўрет салыўды үйретти. Әниўарбек Сайымбетов дѳгерекке қатнап жүргенинде Арал бойы кѳринислери сәўлеленген пейзаж «Суўға барған қыз», «Қуман услаған келиншек» атамасында живопись жанрында сүўретлер салып, тәжирийбе топлады. 1966-1969-жыллар аралығында ел-ўатан алдындағы азаматлық парызы әскерий хызметин атқарды. Армияда болғанында казарма ханаларын ѳзи салған сүўретлери менен безеп, комбатқа унап қалды. Командирлер оған әскерий бѳлим турмысынан сүўретлер салып, «Фрунзевец» газетасына жибериўди усынды. Солай етип, тез арада «военкор» (әскерий хабаршы) атанған ол, Қураллы күшлер қатарынан үйине бир чемодан толы сүўретлери менен қайтты. 1969-1972-жыллары балық консерва комбинатында сүўретши-безеўши болып жумыс иследи. 1972-жылы Нѳкисте мәдений ағартыў техникумы ашылғанда усы билим журтына ҳүжжетлерин тапсырды ҳәм оқыўға түсти. Бул оқыў орнында 3 жыл тәлим алып, сүўретши-безеўши ҳәм клуб хызметкери қәнигеликлери бойынша диплом алыўға миясар болды.
Техникумда оқып атырғанымда, – деп еске түсиреди Әнўарбек, – муғаллимимиз Бақберген Нурымбетовтың басшылығында әмелиятқа Москваға бардық. Сонда «Декоративное искусство» журналының редакторы О.В.Буткевич пенен танысып, оның мийнетлерин кѳргенимде фантазиям байыды. Сондай-ақ «Третяковская галерия»дағы картиналарды художниклердиң қалай салғанына қызығып, тәжирийбе топладым. 1975-жылы техникумдағы оқыўын табыслы тамамлап, Мойнақ районлық халыққа турмыс хызметин кѳрсетиў комбинатына жумысқа киреди ҳәм 3 жыл художник-безеўши болып ислейди. 1978-жылы «Цвет» сүўрет салыў безеўшилик коорперативин ашады. Сол жылларда ҳәкимият, аэровокзал, автостанция, ҳәм райондағы барлық мекеме ҳәм кәрханалар илдирилип қойылған паннолар, қалаға кирер жерден баслап МРС қа шекем кѳше бойларындағы бѳренлерге қыстырылған плакатлар менен ҳәр қыйлы мазмундағы шақырықлар лозунглер булардың бәри А.Сайымбетовтың қолынан шықты.
– Мен И.В.Савицкий менен жүзбе-жүз таныстым. Ол менниң ѳнериме қызыққаны соншелли Нѳкисте ҳәм Ташкентте ѳткерилген жас художниклердиң кѳргизбелерине қатнасыўыма жақыннан жәрдем берди. Белгили мүсиншилер Жолдасбек Қутлымуратов ҳәм Қәўендер Бердимуратов дѳретиўшилигине қызығып, дәслеп тасты қашап, соңын ала ағашты ойып мүсинлер соқтым. Ҳәзир солардан «Келиншек» атлы мүсиним Мойнақ экология музейинде сақлаўлы. Художник ҳәм мүсинши А.Сейтимбетов район орайындағы «Ѳнерментлер аллеясы»нда қара үйлердиң биринде ѳз кѳргизбесин ашып қойыпты. Бул жердеги салған сүўретлери қашап, ойып исленген мүсинлери ўатандарлық ҳәм сырт елли туристлерде қызығыўшылық оятпақта. Атап айтқанда, Арал бойларына Италиядан, Испаниядан, Уллы Британиядан, Қазақстаннан, Қырғызстаннан келген саяхатшылар бир нешше картиналарын унатып, сатып алған. Ол ҳаққында «Мойнақлы мүсинши» атамасында ҳүжжетли фильм дѳретилип Қарақалпақстан телевидениесинен, Ѳзбекстанның «Дүнья бойлап» телеканалынан кѳрсетилиўи оның кѳпшиликке кең танылыўына себеп болды. Буннан тысқары, А.Сайымбетовтың үйиндеги устаханасында бүгинге дейин кѳпшиликтиң нәзерине усынылмаған картиналары ҳәм мүсинлери шеберлигине тәсийин қалдым. Таңлаған темасына сай берилген реңлер уйғынлығына ҳәўесим келди. Зайыбы Зағыйпа менен камалға жеткизген 8 қыз, 1 улды тәрбиялап камалға жеткизген, олардан ақлық сүйип отырған 73 жастағы Мойнақтан шыққан мүсинши ҳәзирги күнлери жаңа дѳретпелер үстинде ислеп атыр.

Кеўлимжай
Пазылбеков,
Мойнақ районы.