Адамзат жаратылғанлы берли түрли кеселликлерге жолығып келеди. Оның емин излеп, ҳәр қыйлы жолларға барады. Тапса-тапқаны, таппаса «тақанының теўсилгени». Заманлар өтип халық арасынан тәўиплер шығып, қәстеге даўа табыў әмеллерин ислеген. Кейин ала медицинаға сүйенетуғын болды. Ҳәзирги дәўирде кѳплеген кеселликлердиң даўасы табылғаны менен еми табылмай атырғаны да баршылық. Солардың қатарында онкологиялық кеселликлердиң айырымларын айтсақ болады. Дүньяжүзилик денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң (ВОЗ) мағлыўматларына қарағанда соңғы жылларда раўажланған ҳәм раўажланып атырған еллердиң кѳпшилигинде усы онкологиялық кеселликлер ушырасып атырғаны кѳрсетип ѳтилген. Оны келтирип шығаратуғын себеплер жүдә кѳп. Мәселен, адамлардың ѳз денсаўлығына итибарсызлығы, экологияның тәсири, саламат турмыс тәризине әмел етпеў, социаллық машқал
алар ҳ.т.б.
Ѳзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен онкологиялық кеселликлерге қарсы гүресиў бағдарламасы ислеп шығылды. Онда мәмлекетимиз аймағындағы онкологиялық диспансерлерди заман талабына сай реконструкциялаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халық арасында онкологиялық кеселликлерге қарсы гүресиўди раўажланған еллердиң тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда алып барыўды жолға қойыў бойынша анық кѳрсетпелер берилген. Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Соның ишинде бизиң Қарақалпақстан Республикасында да бул кеселликке қарсы гүресиў соңғы жыллары бир қанша жақсы тәрепке ѳзгерди десек болады.
Биз республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы бас шыпакери Гүлайым Сатуллаева менен ушырасып, оннан тараўға тийисли мағлыўматларды алдық.
– Кейинги он жыллықта емлеў профилактикалық мәкемелерин модернизациялаў, заманагѳй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, наўқасларды медициналық кѳриктен ѳткериў ҳәм жаңа емлеў стандартларының пайда болыўы нәтийжесинде халыққа медициналық хызмет кѳрсетиў бир қанша жақсыланды. Медицина тараўын жаңаландырыўда профилактикалық кѳрик шараларын қолланып, халық арасында саламат турмыс тәризин күшейтиўди ҳәрбир пуқараның санасына жеткериў бизлер, яғный медицина хызметкерлериниң тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы халқына республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы, қала ҳәм район медицина бирлеспесиндеги кѳп тармақлы поликлиникадағы 17 онкологиялық хызмет ханалары, ҳаял-қызлар мәсләҳәтханаларындағы қәўипли ѳкпе кеселликлериниң алдын алыў, ертерек анықлаў мақсетинде шѳлкемлестирилген 20 кѳрик ханалары, филиал жанындағы цитологиялық лабораториялар, буннан тысқары қосымша онкологиялық кеселликлерди анықлаўда актив хызмет кѳрсетиўши барлық медицина мәкемелериндеги диогностикалық инотрументаль тексериў бѳлмелери хызмет кѳрсетип атыр. Және 150 наўқасты қабыл етиў мүмкиншилигине ийе консультатив поликлиникамыз ислеп тур.
Филиалдың ѳзинде 6 бѳлим болып, онда 160 коикалық орын бар. Жәми шыпакерлеримиз-55, соннан 10 жоқары,12-1 категорияға ийе. Олардың онкологиялық кафедрасы менен биргеликте 1 медицина илимлери кандидатымыз халық денсаўлығын тиклеўде хызмет етпекте.
Медицина тараўында жоқары тәрепке ѳзгерислерди яғный, жаңаланыўларды жоқары тәжирийбели шыпакерсиз ҳәм олардың билимин жетилистирмей турып, әмелге асырыў жүдә қыйын. Онкологиялық кеселликлерге медициналық жәрдем кѳрсетиўде еки медицина илимлер кандидаты Мурат Қурбанов, Абатбай Мәмбетқәдирова ҳәм жоқары категориялы шыпакерлер хызмет кѳрсетпекте.
Бүгинги күнде Қарақал
пақстан Республикасында 2021-жыл даўамында онкологиялық хызмет қадағалаўында 5323 наўқас болып, соннан ҳәр жылы 1500 бийтап онкологиялық кеселлик пенен бирлемши диспансер есабына алынады. Олардың кѳпшилиги химиятерапия менен даўаланыўға мүтәж адамлар. Ѳткен жыл даўамында усындай наўқаслардың 4189 на химиятерапия курсы ѳткерилген.
Усындай ҳәм басқа да онкологиялық кеселликлерди анықлаў ушын Аралбойы әтирапындағы турғынлардың әсиресе, ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў мақсетинде халықаралық шѳлкемлер қәрежети есабынан жәми 1,4 млн. АҚШ доллары баҳасында медициналық әсбап-үскенелер алып келинди. Соннан ҳаял-қызлардағы 14 түрли онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша баҳасы 800 мың АҚШ долларында 50 мың дана тест ҳәм 8 тест-машинасы әкелинип, ҳәзирде Қараѳзек, Шымбай, Кегейли, Нѳкис, Бозатаў, Қанлыкѳл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында әмелиятта болмақта.
Халқымыздың денсаўлығын қорғаўда ѳзлериниң шыпакерлик антына садық болы
п жүрген шыпакерлеримизден филиал директоры Мухаммед-Али Махмутов.
Жоқары категориялы шыпакерлер Илҳам Машарипов, Иният Абдимуратов, Улбосын Нагизова, Зыяда Қаллибекова, орта буўын медицина хызметкерлеринен бас мийирбекелер Шайдагүл Қаниязова, Гүлайым Байназарова, Райгүл Изимбетова, Роза Ѳтебаева, Шахло Муратбаева, Гәўхар Мырзамуратова, Жамила Ѳтениязова ҳәм басқалар ѳз ўазыйпаларын инабатлы атқармақта.
Инсан саламатлығы баслы орында турады. Бизиң ўазыйпамыз қәстеге жәрдем қолымызды созып, оны аяққа турғызып, саламатлығын толық тиклеп, қатарға қосыў. Мине, бул жолда биз ҳәмийше билимимиз ҳәм тәжирийбемизди аямаймыз, – дейди Г.Сатуллаева.
Биз де ѳз гезегимизде филиал жәмәәтине халық денсаўлығын қорғаўдай ўазыйпалы ҳәм саўаплы ислеринде ҳарып-шаршамаң, деймиз. Шараплы хызметлеринде бәршесине жаңадан-жаңа табыслар тилеймиз.
Шүкирбай Сийпатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
Автордың түсирген сүўретлери.
