Коррупция – бул термин тарийхый дәўирлеримизден ҳәзирги күнге шекем ҳеш кимге бийтаныс болмаған, атап айтқанда мине сол күнлерде де бәршемизге бирдей унамсыз тәсир көрсетип киятырған сөз екенин айтыў керек. Коррупция ҳәр қандай жәмийеттиң сиясий ҳәм экономикалық раўажланыўына зыян жеткерди, мәмлекеттиң конституциялық тийкарларын ҳәм де пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келеди.
“Коррупция” термини латынша “corruptio” сөзинен келип шыққан болып, оның этимологиялық мәниси “бузыў, сатып алыў” мәнисин аңлатады. Яғный коррупция – сиясат ҳәм мәмлекет басқарыўы тараўындағы социаллық қәўипли ҳәдийсе, мәмлекет функцияларын орынлаў кепиллигине ийе болған ямаса оларға теңлестирилген адамлардың нызамға қарсы тәризде материаллық ҳәм басқа байлықлар, жеңилликлерди алыўда өз мәртебеси ҳәм ол менен байланыслы мүмкиншиликлерден пайдаланыўы, соның менен бирге, бул байлық ҳәм жеңилликлерди физикалық ямаса юридикалық шахслар нызамға қайшы рәўиште ийелеўине мүмкиншилик бериўи болып табылады. Лаўазымлы шахстың өз ҳәмели бойынша берилген ҳуқықларын жеке байыў мақсетлеринде тиккелей кери мақсетте пайдаланыўынан ибарат әмелият. Лаўазымлы шахсларды сатып алыў, олардың параға сатылыўы да Коррупция деп аталады.
2017-жыл 4-январдан күшке кирген “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында коррупцияға сондай тәрийп берилген: «Коррупция — шахстың өз ҳәмел ямаса хызмет позициясынан жеке мәплерин ямаса өзге адамлардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы». Әпиўайы айтқанда, коррупция мәмлекет кеңселеринде ислейтуғын адамлардың өз әмелинен пайдаланып, жеке мәплерин ҳәмме заттан үстин қойыўлары, пара орнына сатылыўлары ямаса сатып алыўы, нызамға қарсы материаллық ямаса материаллық емес арттырыўлары болып табылады.
Ҳәзирги глобалласыў заманы, регионлар ҳәм мәмлекетлераралық интеграция жеделлесип баратырған қурамалы бир дәўирде коррупция барлық мәмлекетлерде де қатар машқалаларды келтирип шығармақта.
Коррупцияның кең тарқалған түрлерине төмендегилерди киргизиўимиз мүмкин: парақорлық, ҳийлекерлик, жалатайлық. Бул түрдеги коррупциялық ҳәрекетлер мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм экономикалық раўажланыўын жоқ қылыўшы факторлар есапланады. Олар пара алыў, пара бериў ҳәм еки тәреп ортасында мәлим бир ақша орнына өзиниң мәмлекет алдындағы миннети, соның менен бирге, исенип тапсырылған ҳәмелине қылапылық етиў, қорқытыў арқалы өзгениң жеке байлығын өзлестирип алыў ҳәм тағы бир қатар кеўилсиз жағдайларды әмелге асырыў, алдаў ҳәм исенимди аяқ асты қылыў сыяқлы көплеген жағдайлар аңлатылады.
Қайда болса да парахорлық жағдайларына дус келсек, ҳәр биримиз бул қәўипли иллетке бийпарқ болмаўымыз, бийпарқлық етпеслигимиз, керисинше, коррупция иллетин тамыры менен жоқ етиўге ҳәр бир пуқараның ҳуқықы нызамлы тийкарда қатаң кепилленген.
Тек ғана коррупцияның алдын алыў ушын, бәлки басқа нызам бузыўшылықларды да пайда болыўын алдын алыў ушын да мәмлекет шөлкемлеринде искерлик жүргизип атырған ҳәр бир шахс күшли идеологиялық иммунитетке ийе болыўы керек. Сондай екен, ҳәр қандай нызам халық және оның мәплери ушын хызмет етеди, егер процесске коррупция араласса бул халықтың ҳуқықый еркинликлерин аяқ асты етип әдалатсызлықларды келтирип шығарады. Пикиримиздиң дәлили ретинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың төмендеги сөзлерин келтирип өтиўимиз орынлы болып табылады: – Биз өз искерлигимизде нызам үстинлиги, тәртип-интизам инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге айрықша итибар беремиз. Журтымызда қурылып атырған ҳуқықый-демократиялық мәмлекетте әдалатсызлық болыўына ҳеш қашан жол қоймаймиз.
Дилмурод Ибадуллаев,
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Жеке қәўипсизлик бөлими баслығы майор.
Х Х Х
Мәмлекет хызметкерлериниң өз ҳәмел-позициясынан пайдаланып, парахорлық, жалатайлық иллетлерине қол урыўлары мәмлекетимиздиң сиясий, экономикалық, ҳуқықый системасына зыян жетиўине, халқымыздың мәмлекетке салыстырғанда исениминиң жоғалып кетиўине, ҳәкимияттың абырайсызланыўына алып келиўи сөзсиз.

Бул факторлар арасында ең социаллық қәўиплиси ҳәм жәмийет раўажланыўына тоғанақ болатуғын иллет — бул коррупция болып табылады.
Коррупция — шахстың оған берилген ҳәмел кепилликлери ҳәм ҳуқықларынан өз жеке мәплери жолында пайдаланыўы арқалы нызамға қарсы пайда көриўи менен байланыслы болған жынаят түри есапланады. Улыўма алғанда, ҳәр қандай пара алыў, бериў ҳәм сол жағдайда дәлдалшылық қылыў, ҳәмел кепиллигинен шетке шығыў, оннан пайдаланып талан-тараж қылыў ҳәм ҳүкимет ҳәрекетсизлиги сыяқлы иллетлердиң барлығы коррупциялық жынаятларды қурайды.
Жәмийетте коррупция әпиўайы халық ўәкиллериниң жоқары ҳәмелдарларға ямаса мәмлекет ҳәмелдарларының өз-ара бир-бирлерине болған мүнәсибетинен келип шығады. Бул унамсыз жағдайлардың ҳәр қандай көриниси жәмийеттиң жар жағасына апарыўы анық болып табылады.
Сондай екен, бул иллетке қарсы гүресиў мақсетинде мәмлекетимизде коррупцияға ноқат қойыў, ҳүкимет ҳәмелдарларының ҳадал ислеўин тәмийинлеў, исбилерменлер алдында турған бюрократлық тосқынлықларды алып таслаў, мәмлекет шөлкемлери искерлигиниң ашықлығы ҳәм анықлығын тәмийинлеў, мәмлекет ҳәм халық ортасындағы процесслерде инсан факторын кемейтиўге қаратылған бир қатар Нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилген және бул бийкарға емес. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы, “Жәмийетшилик қадағалаўы ҳаққында”ғы, “Мәмлекет сатып алынған затлары ҳаққында”ғы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы ҳәм “Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги искерлигин шөлкемлестириў туўрысында”ғы шешими зәрүрли әҳмийетге ийе болып, өз нәтийжесин берип келмекте. Бул ҳүжжетлерде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый мәдениятты көтериў, коррупцияның алдын алыўға тийисли илажлар, коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықларды анықлаў, оларға шек қойыў, жуўапкерликтиң анықлығы сыяқлы мәселелер анық белгилеп қойылған.
Лекин, нызам ҳүжжетлеринде коррупцияның алдын алыў және оны сапластырыў ушын анық илажлардың белгиленип қойылыўы ямаса оған қарсы гүресиўши киши ҳәмелдар кеңселердиң искерлиги жолға қойылғанлығының өзи жеткиликли емес. Оның ушын ҳәр бир пуқара бәринен бурын өзинде жуўапкершиликти сезиўи, өзлериниң мақсет ҳәм нийетлерине жетиў жолында ҳәр түрлы жынайый жоллардан пайдаланбастан, тек ғана өз күши ҳәм мийнетине исенген ҳалда ҳадал ҳәм пәк жолды таңлаўы, қалаберсе жәмийетте ушырасатуғын дәмегөйлик ҳәм парахорлық жағдайларына гүўа болған жағдайға үндемей кете берместен, бул ҳаққында тийисли кеңселерге хабар бериўди де өз пуқаралық миннети ретинде қабыллаўы дәркар.
Жуўмақ орнында атап өтиў керек, коррупцияны тоқтатыў тек мәмлекет ҳәм ҳүкиметтиң күши менен ерисип болмайды. Сол себепли усы социаллық иллетке қарсы пүткил жәмийет, барлық пуқаралар жақсы гүресиўи зәрүр.
Луиза Өтегенова,
Қарақалпақстан Республикасы Судының судьясы.
