«Миллий қәдириятлар» ҳәптелиги жойбары шеңберинде

Дөретиўшилик үгит-нәсият топары ағзалары руўхый мийрасларымыздың бийбаҳа үлгилерин ҳәм миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаўға қаратылған “Миллий қәдириятлар” ҳәптелиги жойбары шеңберинде пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде болды.
Илажда белгили илимий ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, мийнет ветеранлары, жәмийетлик белсендилер ҳәм жаслар қатнасты. Онда миллий қәдриятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм оны келешек әўладларға сап халында жеткериўде елимизде жумыс алып барып атырған музейлердиң әҳмийети ҳаққында кеңңен сөз етилип, бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң әҳмийетине тоқтап өтилди.
Ушырасыў даўамында жыйналғанлар қарақалпақ халқының тарийхы менен мәдениятын өзинде сәўлелендирген музей экспонатлары менен танысты.