Жоллар-узақ жақынды бир-бирине тутастырып, мәнзиллерди байланыстырып турады. Шынын айтыўымыз керек, қаламыздың еле де болса шаңғытлы, ойлы-бәлент болып жатырған кѳшелери ҳәммемизди иренжитер еди.
Мине, бүгин бул кѳшелер итибарға алынып, оңлаў жумыслары алып барылмақта. Қатар-қатар жүк машиналар дизбеги керекли қурылыс материалларын жеткерип тѳгип бермекте.
Нѳкис темиржол станциясының қурылыс материаллары түсирилетуғын майданшасында жумыс қызғын. Әсире
се гиддиман жүк тийеўши техникалардың вагонлардан түсирилген ЩПС қум-щебень араласпасын жүк тасыўшы машиналарға жүкленип, тийисли объектлерге жеткериўге асыққан машиналар кәрўаны жолға рәўана болмақта.
– Ҳәр күни темиржол менен күнине 60-70 вагон ЩПС материаллары алып келинбекте. Бул материаллар негизинен Қаратаў карьеринен жүкленип, әкелинбекте-дейди Нѳкис темиржол станциясының баслығы Ғайрат Ембергенов.
Қүдиретли техникалар жәрдеминде жүклер түсирип алынып, жүк машиналарға сол ўақытта тийеп берилмекте.
– Қурылыс материалларын Қаратаў корьеринен Нѳкис қаласына темиржол арқалы жеткериўде «Қаратаў» станциясында бир дан
а 5 кублық электр менен ислеўши эксковатор хызмет етпекте. Буннан басқа қосымша 3 дана эксковатор ҳәм 10 дана жүк тасыў машиналары жумыслардың ѳнимдарлы болыўына кѳмегин тийгизбекте. 69 дана қурылыс техникалары ҳәм грейдерлер қатнастырылмақта. Сондай-ақ, 25-60 тонналық жүк тасыйтуғын автотранспортларымыз бар. Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары басқармасында мийнет ететуғын 250 ден аслам жолшыларда қол-кѳмегин берип атыр-дейди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы Мадат Алламбергенов.
Халқымыздың абадан турмысының айқын кѳриниси-бул суп-сулыў кѳшелер. Мүшкилимизди аңсат, аўырымызды жеңил етеди. Кеўил-кейпиятымызды кѳтерип, ҳәр биримизде жаңа мақсетлерди оятады.
Ҳәзирги күнде Нѳкис қаласындағы «Шымбай гүзары», «Әмиўдәрья», «Жаңабазар», «Байтерек», «Қурылысшы», «Қутлы мәкан», «Ботаника бағы», «Аманлық гүзары», «Таслақ», «Айдынжол» мәкан пуқаралар жыйынларындағы бир қатар кѳшелер асфальтланбақта.
Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығын усындай әжайып қызғын абаданластырыў ислери менен күтип алып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
өз хабаршымыз
Ш.Сийпатдиновтың түсирген сүўретлери.
