«ӘМИЎДӘРЬЯ»НЫҢ АБАДАН ТУРМЫСЫ

Аймақта түрли миллет ўәкиллери тыныш-татыўлықта ҳәм аўызбиршиликте жасап келмектемиз. Халқымызға тән болған ағла пазыйлетлеримизге кѳз тиймесин. Барлық орынларда жасларымыздың сәлеми дүзиў, той-мерекелерде жаслар хызметте, жасы үлкенлер иззетте. Керек жеринде ѳз турмыслық тәжирийбемизди, ақыл-кеңеслеримизди айтамыз деген пикирлерди билдирди нураныйлар.
– Инсан қайда жүрсе де, қайда болса да ѳз үйине асығады. Қаншелли шаршаса да ѳз үйинде дем алып, және күш топлайды. Жақсы нийет пенен имарат кѳтерип, қоныс басып барлық ѳмир қуўанышларына талпынып, алға умтыла беремиз. Бизлер 1994-жылы усы аймаққа кѳшип келдик. Ѳзим Туўыў үйинде жумыс иследим. Қыс, гүз айларында жаўын-шашында жумысқа еки аяқ кийим алып шығатуғын едик. Үлкен жолға шекем бир аяқ кийим менен батпақты кешип ѳтиўимизге туўра келеди. Үлкен асфальтланған кѳшеге шығып екинши аяқ кийимимизди кийип, жумысқа қатнайтуғын едик. Кѳшемизге ҳәтте кѳликлер кириўге қыйналатуғын ўақытлар болар еди. Ҳәзир мине ҳүрметли дем алыстаман. Балаларым ҳәм ақлықларым оқыўға, ѳз жумысларына барып келеди. Жолларымыз тегис, асфальтланған. Балалар бақшамыз ҳәм мектебимиз әтирапы да тап-таза, тегис жол. Биз бундай шараятлардан жүдә қуўанышлымыз-дейди «Әмиўдәрья» МПЖ «Қырқала» кѳшеси 56-жай турғыны Улзада Қудиярова ѳз миннетдаршылығын биз бенен бѳлисип…
Буннан соң мәканның кѳркине-кѳрк қосып, қүдиретли техниканы басқарып жүрген асфальтлаўшы жигитлердиң бирин сәўбетке тарттық.
– Ѳзим Ташкент ўәлаятынанман. Мәкемемиз бенен усы жерде жумыс ислеп атырмыз. Шараятларымыз жақсы. Айлық ис-хақыларымызды ўақтында алып турмыз. Халық ийгилиги ушын ылайықлы ѳз үлесимди қосып атырғанымнан қуўанышлыман. Бурын гедир-будыр, шаңғыт кѳшелер енди теп-тегис асфальт кѳшелерге айландырылмақта. Аймақтағы үлкен-киши ҳәммеси буннан қуўанышлы. Әсиресе кишкене жас балалар аяқларына дѳңгелекли нәрселери менен де жуўырып, шады-қоррамлыққа бѳленбекте. Кѳликли ҳәм пияда жолаўшылар да, турғынлар да алғысларын билдирип атыр, – дейди асфальтлаўшы трактор айдаўшысы Баўыржан Мырзалиев.
Усылайынша жаңарып атырған елимиз жамалына қарап, кеўлиң кѳтериледи ҳәм инсан қолы-гүл дегиң келеди.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.
Ѳз хабаршымыз.
Сүўретин түсирген:
Ш.СИЙПАТДИНОВ.