Қәнигелестирилген мектеплерди шөлкемлестириўге бирден-бир қатнасты қәлиплестириў, усындай мектеплер тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм билимлендириў процесине маман басшы ҳәм педагог кадрларды тартыў, инталы жасларды анықлаў, таңлаў, оқытыў ҳәм тәрбиялаў системасын жетилистириў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Президент билимлендириў Мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген мектеплердиң тармағын кеңейтиў ҳаққында» Пәрманы менен елимиздиң барлық аймақларында қәнигелестирилген мектеп-интернатлар ҳәмде қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилди.
Усындай қәнигелестирилген мектеплер қатарында Қараөзек районы орайында шөлкемлестирилген Президент билимлендириў мектеп
лери агентлиги мәкемелери системасындағы қәнигелестирилген мектепти айтып өтсек болады.
Быйылғы жылы мектепте билим алыў ушын белгиленген тәртип тийкарында 3 басқышлы таңлаў өткерилип, таңлаўға қатнасыў ушын 710 оқыўшы ҳүжжет тапсырды ҳәм соннан 240 оқыўшы тест сынағынан өтип оқыўға қабылланды.
Кеше 2022-2023-оқыў жылының басланыўы ҳәм усы мектеп имаратының ашылыў мүнәсибети менен кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда район ҳәкими У.Утамбетов, Нөкис қаласындағы Президент мектеби директорының орынбасары М. Насиров, усы мектептиң иформатика пәни муғаллими P. Mwanikiлер шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы ҳәм жаңа мектептиң ашылыўы менен қызғын қутлықлап, мектепте оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, қәнигелестирилген мектепте ҳәзирги ўақытта анық пәнлер бағдарында 8 класс, тәбийий пәнлер бағдарында 4 класс ашылып, оларға 25 муғаллим тәлим-тәрбия бермекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
