Үш халық ҳаққында әңгиме: дәстүрий билим арқалы ықлым өзгериӯине масласыӯ шешимлери ушын ҳаяллардың имканиятларын кеңейтиӯ

Шығыс Европа, Кавказ ҳәм Орта Азия ушын Ықлым бойынша ҳәрекетлер тармағы (ШЕКОА ЫҲТ) тәрепинен шөлкемлестирилген Ықлым бойынша диалог 2024 арқалы алынған көнликпелер ҳәм түсиниклер төмендеги мақаланы таярлаӯға үлкен үлес қосты.   

Ықлым өзгериӯи бойынша дебатлар күшейип бармақта, ҳәм енди глобал ысыӯды итибардан шетте қалдырыӯ мүмкин емес. Температураның көтерилиӯи, турақсыз жаӯын шашын ҳәм тез-тез жүз беретуғын экстремал ҳаӯа-райы қубылыслары аӯыл хожалығы ҳәм суӯ ресурсларына басым өткермекте, бул болса масласыӯ шараларын көриӯ зәрүрлигин көрсетпекте. Бул процессте халықлар әҳмийетли рол ойнайды.               

Шығыс Европа, Кавказ ҳәм Орайлық Азия (ШЕКОА) регионларында бул тәсирлер терең сезилмекте. Бул таӯлы регионларда ҳаяллар – көбинесе үй хожалығының тийкарғы басшылары – ықлымға масласыӯда жетекшилик етпекте. Олардың ролин өз халқы ушын инклюзив, турақлы ҳәм нық стратегияларды ислеп шығыӯда ҳәм оларды ықлым өзгериӯине қарсы гүресиӯде алдынғы қатарға қойыӯ шешиӯши мәниге ийе.

Туқымнан жетискенликке ерисиӯ: Өзбекстанда микрожасылларды топырақсыз жетистириӯ

Биринши қаҳарманымыз – инновацион аӯыл хожалығы инженери, исбилермен ҳаял, Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикасынан келген устаз Гулзар Төрениязова, ол жабық имарат ишинде микрожасыллар өсириӯге қумар. Гулзар Аралбойы халықаралық инновация орайы (АХИО) қәнигеси.           

Аралбойы аймағында қурғақшылық ҳәм аӯыр ықлым шараяты топырақ ҳәм егинлерге унамсыз тәсирин көрсетпекте. Гулзар ықлым машқалаларынан қәӯетерленип, ашық жерлерде өсимликлерди жетистириӯде жүз берип атырған кеш суӯықлар, күнниң ерте ысып кетиӯлери, мәӯсимге мас болмаған ықлым шараятлары, зыянкеслер киби машқалаларға шешим табыӯға ҳәрекет етти. Ол өсимликлерди үйде өсириӯ пикирин ойлап тапты, излениӯлер алып барды, интернеттен жабық жерлерде өсимликлерди егиӯ усылларын үйренди ҳәм микрожасыл ҳаққында билип қалды.     

Ол дәрҳал бул оның излеп жүрген нәрсеси екенлигин түсинип қалды. Өзиниң жойбарын әмелге асырыӯ ушын қаржылай жәрдем керек болған ӯақытта, ол Tech4Impact ҳәм UNDEF тәрепинен Ҳаяллардың Greentech Startup ын тезлезлестириӯ бағдарламасында қатнасты ҳәм 2022-жылы өзиниң үй шараятында егиӯ жойбарын ислеп шығыӯ ушын 2000 доллар утып алды.          

Гулзар дийханшылық бойынша қәниге емес, бирақ ол өзине-өзи үйреткен қызығыӯшылығы жоқары инсан еди. Ол мынандай дейди: “Мен аӯылда туӯылып өскенмен. Барлық аӯылдың баллары киби менде атызда ислегенмен ҳәм ҳәрдайым өсимликлерге басқаларға қарағанда жақсырақ қарағанман. Ҳәзир халық арасында жасыл бармақ деп атаӯ модаға айланған (қолы жеңил – яғный бул адам жерге таяқ тықса болды, ол көгерип гүллеп кете беретуғын болады). Мениң жасыл бармақларым барға усайды. Мен туқымларды егиӯ бойынша барлық толық мағлыӯматларды интернеттен үйренген едим ҳәм интернетте талқыланбаған көплеген кемшиликлер бар болғанлығы себепли жүдә көп қәтелер иследим.”            

Микрожасыллар – бул кишкене жерде, атап айтқанда адамлардың үйлеринде аңсат ғана жетистириӯге болатуғын жас азықлық затларға бай палыз шөплер болып табылады. Олар витаминлер, минераллар ҳәм фитонутриентлердиң баҳалы дереги болып есапланады. Микрожасыллар ҳәр түрли өсимликлердиң туқымларынан өсириледи: шпинат, редиска, горчица, насыбай гүл ҳәм т.б. Оның өзине тәнлиги сонда, яғный олар биринши жапырақ шығарған басқышта жыйнап алынады.           

Микрожасыллар күшли дәмге, жағымлы ийиске ҳәм сулыӯ көриниске ийе болғанлығы себепли аӯқат писириӯде әжайып ингредиент болады. Гидропоника микрожасылларды өсириӯдиң тийкарғы абзаллықларының бири — оларда топырақ бөлекшелери болмайды ҳәм азықлық араласпаларды компост болмаған қалалық жерлерде аңсат жоқ етиӯге болады. Топырақтың кемейиӯи ҳәм табийий ресурслардың шекленгенлиги себепли, микрожасылларды өсириӯде минимал ресурслар пайдаланылады. Олардың 10-20 күнлик қысқа өсиӯ дәӯири суӯды 90% ке шекем үнемлеӯ имканын береди ҳәм олар кишкене орын талап етеди. Бул микрожасылларды ықлым өзгериӯи шараятында турақлы аӯыл хожалық әмелиятына айландырады. Гулзар оларды өзиниң жертөлесинде (подвал) кең көлемде ислеп шығарады ҳәм жергиликли базар ҳәм ресторанларға сатады.                     

Микрожасылларды жетистириӯде үлкен жетискенликке ерискеннен соң, Гулзар өзиниң еки жыллық тәжирийбе ҳәм көнликпелерин Қарақалпақстандағы ҳаяллар менен бөлискиси келди. Ол өз гүрриңин даӯам етеди: “Семинар жойбар ислеп шығыӯ ушын мен Startаp таңлаӯында қатнастым ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновацион раӯажланыӯ министрлигинен 24 000 АҚШ доллары муғдарында грант утып алдым. Мениң жойбарымның мақсети тек өнимлерди сатып экономикалық пайда алыӯ емес, бәлки ең әҳмийетлиси жергиликли халыққа өзлери ушын ҳәм сатыӯ ушын үйде органикалық азық-аӯқат жетистириӯди үйретиӯ еди.” 

2024-жылдың май айында, Гулзар Глобал Жасыл Өсиӯ Институты (GGGI) менен бирге ислести ҳәм имканияты шекленген ҳаяллар арасында микрожасылларды өсириӯ бойынша мастер-класс шөлкемлестирди. Бул аӯыр жүклерди көтериӯ ҳәм кең көлемли дала жумысларын талап ететуғын дәстүрий дийқаншылық пенен салыстырғанда ҳәрекетшеңлиги шекленген шахслар ушын идеал еди. Микрожасыллар жергиликли базарларда ҳәм кафелерде сатылыӯы мүмкин, бул ҳаяллар ушын болыӯы мүмкин болған дәрамат дереги ҳәм үй шараятында бизнес пенен тәмийинлейди ҳәм минимал әспаб-үскенелер менен олардың финанслық бийғәрез болыӯына үлес қосады. Микрожасыл өсимликлерин жабық жерлерде жетистириӯ ҳаялларды аӯыр ҳаӯа-райы, зыянкеслер ҳәм дәстүрий аӯыл хожалығының басқа да машқалаларынан қорғайды, бул болса ықлым өзгериӯи шараятында әдеӯир шыдамлырақ әмелиятқа айланады. Үйде микрожасылларды жетистириӯ арқалы бул ҳаяллар турақлы аӯыл хожалығы менен шуғылланып, үй хожалықларының аӯқатланыӯын ҳәм азық-аӯқат қәӯипсизлигин асырыӯы мүмкин. Гулзардың айтыӯынша, қатнасыӯшылар баҳалы билимлерге ийе болыӯ менен бир қатарда өз келешеги ушын қоллап-қуӯатлаӯшы тармақ жаратқан. Бир ай өткеннен кейин, Гулзар ҳәм GGGI сол ҳаяллардың үйлерине стилажлар менен фитолампалар апарып берип, олардың жаңа үйренген көнликпелерин әмелде қолланыӯға имканият жаратты. Гулзар бул үскенелерден пайдаланыӯды үйретиӯ ушын мини мастер-класслар өткерди.                

Соңында Гулзар өз пикирлери менен бөлисти: “Мен ҳаяллардың саламат аӯқатланыӯға умтылыӯынан қуӯанаман. Микрожасыллар ҳаққында билген ӯақытта, олардың бәри қызығыӯшылықларын ҳәм қуӯанышларын жасырмады. Мен оларға өз мәсләҳәтлерим менен жәрдем бергениме ҳәм тәжирийбелерим менен бөлискенимнен қуӯанышлыман. Мениң пикиримше, биз ҳәр дайым жәмийеттеги ҳәр қандай ҳаялға өзине жаққан нәрсесин табыӯға жәрдем беретуғын ҳәм соның менен бирге ҳәзирги жағдайға масласа алатуғын имканиятлар ҳаққында хабардарлығын асырыӯымыз керек.”

Арменияда дәстүрий билимлер ҳәм заманагөй масласыӯ

Келиң, аӯыл хожалығы әмелиятында инновация ҳәм дәстүрий рухты өзинде жәмлеген жас армиян фермери Гоар Серсисян менен танысамыз. Гоар AgriCamp бағдарламасы тәрепинен оқытылды ҳәм аӯыл хожалығын раӯажландырыӯға қәнигелестирилген ҳаял исбилерменлер ҳәм фермерлер ҳәрекетиниң бир бөлеги болып, оларға өнимдарлықты ҳәм дәраматты асырыӯ ушын ықлымға мас аӯыл хожалығы әмелияты ҳәм инновацион шешимлерди әмелиятқа енгизиӯ имканын жаратты.       

Гоар, Котайк регионының тап орайындағы, кишкене Тегеник аӯылында туӯылып өскен ҳәм дийқаншылық ол ушын тек ғана аман қалыӯ қуралы болмады. Бул терең тамыр урған жасаӯ тәризи болып табылады. Таслы жерлер ҳәм алдыннан айтып болмайтуғын ҳаӯа-райы шараяты Тегеникте аӯыл хожалығын узақ ӯақыттан берли аӯыр машқалаға айландырып, жәмийетте онлаған жыллар даӯамында жетистирилетуғын егинлерге қәӯип туӯдырмақта.        

Тренингнен алған жаңа билимлерин қоллаған Гоар, өнимдарлықтың сезилерли дәрежеде өсиӯин көрсетти, картошка өнимдарлығы 4-5 т/га дан 6-8 т/га дейин өсти. Бул жақсыланыӯлар тийкарынан аӯыл хожалығының инновацион усылларынан пайдаланыӯ (ең нәтийжели туқым таңлаӯ, суӯғарыӯ режимлерин орнатыӯ ҳ.т.б) ҳәм ықлым өзгериси тәсирин кеңирек түсиниӯ менен байланыслы. “Картошка – бул узақ мәӯсимли егин ҳәм бул саяхатты баслаӯда сиз ҳақыйқатында да сабырлы болыӯыңыз керек болады. Ең жақсы өним алыӯдың тийкарғы аспекти бул кеселликсиз туқым таңлаӯ,” — дейди Гоар.      

Ықлымға шыдамлы сортларды таңлаӯ Тегеник халқына аӯыл хожалығындағы қун шынжырларын диверсификация қылыӯ ҳәм жаңаларын табыӯ имканын берди. Егинлерди сортлаӯ (сапасы ҳәм көлеми бойынша) ҳәм басқышлы сақлаӯ усылларынан пайдаланыӯ маркетинг искерлигиниң өзгериӯине алып келди: сыпатсыз өнимди базарға ертелеӯ шығарыӯ өнимниң бузылыӯы себебинен жоғалтыӯ қәӯпин кемейтиӯ имканиятын жаратты.

Мулчалаӯ, органикалық төгинлерден ҳәм тәбийий пестицидлерден пайдаланыӯ, суӯды басқарыӯ (тамшылатып суӯғарыӯ ҳәм суӯғарыӯ кестесин дүзиӯ) арқалы алмаслап егиӯ ҳәм топырақты жақсылаӯ бойынша әмелий көнликпелерге ийе болыӯ 200 ден артық ҳаял фермерлердиң фермер хожалықларында өнимдарлықты асырыӯға алып келди.

“Үйренилген аӯыл хожалық әмелиятлары жетистирилетуғын егинлерди жоқары қунлы сортлар (брокколи, руккола, армян қыяры) менен алмастырыӯ менен бириктирилди, себеби бул түрлер бир егинге тән болған алдыннан айтып болмайтуғын қәӯиплерди кемейтиӯ менен бирге халықтың азығында ҳәр түрлиликти жақсылаӯ имканын берди. Соның менен бирге дәрамат потенциалы да асты, себеби фермерлер ушын кеңирек базар имканиятлары ашылды”, — деп түсиндиреди Гоар.  

Гоардың ӯақыясы аӯыл хожалық дәстүрлерин сақлап қалған Арменияда да ҳәм пүткил регионда да инновацион дийқаншылық әмелиятын енгизиӯ жуӯапкершилигин өз мойнына алған фермер ҳаяллардың күш-қәбилиетлери менен масласыӯшаңлықларын атап өтеди.    

Дәстүрий билимлерди сақлап қалыӯ: Қырғызыстан жағдайы

Ендиги гезек, Қырғызыстанлы, ата-бабасының жолын қуӯған шөп дәригер ҳәм тәӯип Жанара Алғожоева менен танысамыз. Ол шопан шаңарағында туӯылған ҳәм пүткил балалығын Чуй ӯәлаятының Суусамыр таӯ отлақларында өткерген. Жанара балалығынан апасының кереч, көкомерен, әдираспан киби шөплер менен ислегенин, оларды гезлеме қалталарға салып кептиргенин еслейди. Сол ӯақытта Жанара емдар шөплер менен ислеймен, деп ҳәтте қыялына да келтирмеген болса да, бирақ бул шөплердиң ийсин елеге дейин еслейди. Апасы емдар шөплерди өзи ишип, сүтке араластырып, балаларға берген.       

Жанара Қырғызыстанның биологик ҳәр түрлилиги Орта Азияда өзине тән екенлигин емдар шөплерге бай екенлиги менен түсиндиреди. Мәмлекеттиң географиясы менен ықлымы бул жерде даӯалаӯшы қәсийетлерге ийе көплеген шөп түрлериниң өсиӯине жәрдем береди. Бийик таӯ шараятлары биологик актив затлардың қурамын асырады. Күндиз ыссы, түнде суӯық, оның үстине атмосферадағы өзгерислер – булар өсимликлер ушын стресс жағдайлар болып, олардағы актив затлардың муғдарына пайдалы тәсир тийгизеди. Жанара дәрилик өсимликлерди жыйнаӯ бойынша өз тәжирийбелери менен бөлисер екен, оларға ғамхорлық қылыӯ кереклигин айтады: оларды дурыс жыйнаӯ ҳәм кептириӯ олардың тәсир етиӯ нәтийжелилигин сақлап қалыӯ ушын үлкен әҳмийетке ийе. Жанара айтып өткениндей: — “Ҳәр бир шөп жыйнаӯ ушын өзине тән ӯақытты талап етеди – бәҳәр, жаз ямаса гүз. Ол бул өсимликлерди жыйнаӯ ушын бир неше ай даӯамында таӯларға барады, буны ҳүрмет пенен ҳәм тәбийий циклды есапқа алған ҳалда ислейди. Бул процесс тек шөплерди билиӯди емес, бәлки экосистема ҳәм оны сақлаӯды терең билиӯди де талап етеди. Мениң жумысым тек ғана шөплерди жыйнаӯ емес, бәлки тәбиятты асыраӯ ҳәм әӯладтан-әӯладқа өтип киятырған дәстүрий билимлерди сақлап қалыӯдан ибарат. ”                

2014-жылы “Amanat-O‘mur” жәмийетлик фонд шөлкемлестирилиӯи менен Жанара дәстүрий билимлерди сақлаӯ ҳәм жергиликли тәбийий ресурслардан ақылға сай пайдаланыӯ жолында салмақлы қәдем таслады. Фондтың басламалары жергиликли ҳаяллар ҳәм жәмийетлик ағзаларды оқытыӯға қаратылған болып, бул тек ғана биологик ҳәр түрлилик ҳәм миллий мийрасты сақлаӯға үлес қосып қалмастан, бәлки жергиликли халықтың өмир сүриӯ сапасын жақсылайды. Қырғызыстандағы биринши мектепке шекемги этноботаника бағының ашылыӯы әҳмийетли қәдем болды. Жергиликли мийӯалы тереклер аллеясы биологик ҳәр түрлиликти сақлаӯ ҳәм жергиликли аӯыл хожалық егинлерин сақлаӯ зәрүр екенлигин еслетип турады. “Жас натуралист” экология дөгереги ағзаларының белсендилик пенен қатнасыӯы, мектеп оқыӯшыларына тек ғана теориялық билим алып қоймастан, бәлки оларды әмелиятта қолланыӯ, қоршаған орталық бойынша хабардарлығын асырыӯға да имкан береди. Дәстүрий пал ҳәррешилик, органик дийқаншылықтың тийкарлары, жергиликли шөплерден дәстүрий “шекер сабын” сабынын таярлаӯ бойынша тренинглер жергиликли халық ушын теңсиз имканиятлар жаратпақта.