«ӨМИРИМДИ 22 КИЛОГРАММЛЫҚ ЧЕМОДАНҒА САЛЫП, ОКЕАН АРТЫНА КЕТКЕНМЕН» (дейди, – АҚШ та билим алып атырған Гүлқумар Жаксыликова)

– Еле есимде, декабрь айының ақыры болса керек, атамлар таза, үлкен телевизор алды. Мен 3 яки 4-класта оқыйтуғын едим. МY5 каналы бизлердиң телевизордан шықпайды. Сол жерде “Үйде жалғыз 2” кинофильми болып атыр екен. Соны көрип Нью Йоркқа барғым келди. Ондай жердиң барын билмейтуғын да едим…
Шымбай районының Қызылөзек аўылындағы көриниси кишкене, сары қыз бир күни өзи барғысы келген Америкада оқыйды десе ҳешким де исенбес еди. Аўылдағы 17-санлы мектепте 5-классқа шекем оқыды. Ол 3-класынан баслап газеталарға мақалалар жаза баслады. Қатарларына қарағанда шаққан, сезгир, сабақларынан да жақсы оқыды.
Аўылдың машқаласын көрсе яки өзи қәлеген орталықты көрмей атырса иштеги қандай да бир сезим “Буны айтыў керек” дер еди. Кишкене Гүлқумардың әдебиятқа болған қызығыўшылығы оны аўылда қалдырмай, Нөкиске қарай жетеледи. И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине 5-класста оқыўға кирди.
Бул мектеп оқыўшының талантын жүзеге шығарып “қәне қызым, бар талантыңды уялмай көрсет” дейтуғын муғаллимлер менен толы екен. Бир-бирине ҳәўес етип, жарысып оқыйтуғын оқыўшылар менен досласып, олардан артта қалмаўға тырысқан Гүлқумар бар ықласын билимге, китап оқыўға қаратты. Инглис тилин үйренгенлер дүньяның қәлеген жерине бара алыўы, сол тилде дүнья әдебиятын оқыў мүмкиншилиги барлығын да ол жақсы аңлады. Аўыл қызларына тән уялшақлық, ийбеси басым болса да ишинде “мени шығар” деп атырған талант, билимге қуштарлық сезимлери өз “күшин” көрсете алды. Муғаллимлери де оның қызығыўшылығына қарап, сол бағдарда жол-жоба көрсетти.
Журналист кәсиби қәлбинде даўрық атып шыққанлықтан усы тараўға өзиниң жақынлығын сезди.
Дөретиўшилик мектебин жақсы баҳаларға тамамлаған Гүлқумар Өзбекстан мәмлекетлик Жәҳән тиллери университетиниң халықаралық Журналистика факультетине оқыўға кирди. Ол жерде бир жыл оқып, Нью-Йорк штатындағы Стони Брук университетиниң Журналистика ҳәм Халықаралық мүнәсибетлери жөнелисине оқыўға қабылланды.
Нениң не екенин билместен Шымбайдан шығып кеткен Гүлқумар мине, балалығында әрман еткен Америкада оқып атыр. Және де қосымша халықаралық мүнәсибетлер бойынша да билим алып атыр.
Бүгинги күни Шымбай районы жаңаша түс алып, өзгерген болса да оны Америка менен салыстырып болмайды. Көплеген мәмлекетлерден келген студентлер менен тең сапта турып, билим алып атырған қарақалпақ қызы олардан артта қалмаўға тырысып, оқып атыр. Арада қанша қашықлық болса да Ўатан сағынышы деген туйғыны жеңиўге ҳәрекет еткен кишкене қыздың алдына үлкен мақсетлер қойғаны анық. Шымбайдан оқыйман деп шығып кеткенине мине, 9 жылдан асыпты. Нөкисте, Ташкентте оқыған қыз енди дини де, тили де, менталитети де улыўма басқаша елде ата-анасыз, жақынларысыз жасап атыр. Билим алыўға болған қуштарлық оны усы жерлерге шекем әкелди. Билим алғанда да шексизликти таңлады. Кишкене қәлбинде билимге болған қуштарлық жүдә кең. Оны қанша оқыса да толтыра алмай атырғандай, еле изленисте жүрипти.
“Қызлар оқыўы керек” деп сонша имканиятлар жаратқан Президентке өз рахметин қәйтип айтыў кереклигин билмей жүрген Гүлқумар Жаксыликова өткен жылы өзиниң бул нийетине де еристи.
Америкаға хызмет сапары менен барған Президент ол жерде ислеп, оқып атырған бир қанша жигит-қызлар менен ушырасты. Сонда қәлбиндеги гәплерди елимиз басшысы алдында айтты.
– Ҳәзир мен “Эл-юрт умиди” стипендиясы ийесимен. Америкада оқыйман десе ҳешким исенбеген. Алыс аўыл қызының, әпиўайы шаңарақта, және бес қыздың ишинде өскен бир қыздың Америкада оқыўы имкансыздай еди. Өткен ҳәптеде бир профессорға “Эл-юрт умиди” стипендиясы ҳаққында айтқанымда ол ҳайран қалған. Сондай да мәмлекет бар ма? Ишип-жеўиңди, бул жаққа келиўиңди қаплап беретуғын мәмлекет ҳаққында университеттеги журналға мақала жазыўың керек – деди. Кеше мақаланы жазып тапсырдым.
Ҳүрметли Президентимиз бизлердей жасларға берген исенимиңиз ҳәм шексиз имканиятларыңыз ушын пүткил Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жаслары атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен дегенде Президент оған:
– Гүлқумар қызым, усындай мәрт, жүреги кең қарақалпақ қызы бар екенине мен мақтанаман. Қызым, сизиң бахыт-камалыңызды көриў маған да несийп етсин. Бүгин ата-анаңызға қоңыраў етип, Президентим рахмет деп айтты – дең.
Президенттиң исеним менен айтқан бул сөзи Гүлқумарды еле де толқынландырды.
– Шет елге келген инсан барлық машқаласын өзи шешиўди билиўи керек. Азанда орныңнан турғанда шайыңды таярлап, “иш қызым, аш болып қаласаң, жақсы оқы, қыста жыллы кийин” деп бәрқулла қасыңда туратуғын ата-анаң жоқ. Шет елде оқыў өз елиңдеги үйренип қалған өмириңнен пүткиллей парық қылады. Мен бул жерде билим алыў менен қоса ата-анам, жақынларымның қәдир-қымбатын түсинип жеттим. Бир жылда бир мәрте өз елиме қайтаман. Сонда усы туйғыларды сезинемен. Ўатан сағынышы ҳаққында сорасаңыз буны сөз бенен жеткерип бере алмайман. Өзимиздиң елдиң мәденияты, миллийлигимиз, шет еллерге усамайтуғын адамгершилиги, мазалы аўқатларын ҳеш нәрсеге алмастырмас едим. Солай да болса Америкада оқып атырғаныма ҳеш қашан қыйналмағанман.
Туўры, мәмлекетимиз оқыўым ушын қаржы менен тәмийинлеп қойыпты. Бирақ, оны дурыслы, орынлы сарыплаўды да билиў керек. Және де бул жерде ҳәмме машқаланы өзим шешиўден, жеке қарар қабыл етиўде адаспаўды, қаржыларды туўры жөнелтириўди үйрендим. Бир сөз бенен айтқанда шет елде оқыўым өмир жолымда үлкен тәжирийбе мектеби болды,–дейди Гүлқумар өзи ҳаққында айтып бериўин сорағанымызда.
Америкада билимлендириў системасы бул жақтан улыўма өзгеше. Студентлерге еркинлик берилген. Бул жерде студентлер жаңа семестрдан алдын өзлери оқыйтуғын пәнлерди, оқытатуғын профессорларды, ҳәттеки, сабақ ўақытларын да өзлери таңлайды. Қәлесе төрт яки көби менен алты пәнди таңлаўы мүмкин. Егер қәлесе сабақларын 3 күнге жәмлеўге де болады.
Сабақ азанда ерте басланып, оған кешикпей келиў мәжбүрий емес. Қәлеген ўақытқа қойып аласаң. Егер сабаққа келмесең ҳеш ким “неге келмедиң?” демейди. Келмеген күнин баҳалаў процентлерине жазылмайды. 100 процент балл топлаўың керек. Келмеген күниңе шегирип барады. Соннан аңлаўыңыз мүмкин: Студент өзи ушын оқыйды.
Гүлқумар “Ибрат перзентлери”, “Мутолаа” проектлериниң Қарақалпақстандағы координаторы. Ол бул ислерди онлайн алып барады. Демалысқа келгенде жаслар арасында болып, өз тәжирийбесин үйретеди. Сондай-ақ, “Эл-юрт умиди” грантын қалай алыў кереклигин де айтыўдан шаршамайды. “Қорықпай отырсаң ба? Қорқыў?!. Мен пүткил өмиримди 22 килограммлық чемоданға жайластырып, ҳеш кимди танымайтуғын, океан артындағы мәмлекетке бир өзим көшип кеткенмен”. Гүлқумардың бул сөзлери адамды тәсирлендиреди. Алыстан турып, социаллық тармақлар арқалы оның менен сәўбетимиз тәсирли өтти. Оның айтатуғын гәплери көп еди. Америка менен Өзбекстанның ўақтының арасында 9 саатлық парық бар. Сол себепли оның менен сөйлесиўимиз де аңсат болмады. Болажақ журналист, елимиздеги бүгинги жасларға көрсетилип атырған имканиятлардан ҳәмме пайдалана билсе дейди. “Америкаға оқыўға кириў қыйын емес. IELTSтен 6,5 яки 7 балл топлаўың керек. Екинши тийкарғы ўазыйпа мектепте жақсы оқыў. Тек инглис тилинен емес, ҳәмме пәнлерден жақсы өзлестириўиң зәрүр. Ақырғы үш жыл даўамындағы баҳалар бул жерде оғада әҳмийетке ийе. Тек оқып ғана қоймай жәмийетлик жумысларға, дөгереклерге қатнассаңыз жүдә жақсы” дейди Гүлқумар елдеги ким менен сәўбетлессе де.
Қарақалпақ қызының океан артында жүрип, билим алып, ел көрип, дослар арттырып жүриўи әлбетте, биринши өзи ушын пайдалы. Екиншиден ертең елимизге, әсиресе, журналистиканың раўажланыўына үлес қосары анық. Гүлқумар сыяқлы шет елде билим алып атырған жасларымыз бенен мақтанамыз. Оларға исенемиз. Гүлқумардың болса артында қалқан болып турған өз елине, Президентине айтар алғыслары көп.
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.