ҚАРАӨЗЕКШИЛЕР ТАҢ ҚАЛДЫРДЫ

Бәҳәр паслының пайызлы күнлериниң биринде елимиздиң арқа районларының бири болған Қараөзекке қарай таң сәҳәрден жолға атландым. Себеби, районда жайласқан 8-санлы мектепке ушырасыўға шақырды.
Мектепке жақынлаўдан қарсы алдымнан жарасықлы миллий липасларды кийген қызлар салтанатлы түрде нан-дуз алып шығып, халқымыздың келген қонаққа деген жоқары сый-ҳүрметин көрсетти. Миннетдаршылық билдирип наннан аўыз тийген мәўритлерде қатты толқынландым. Көплеген салтанатлы байрам кешелеринде сыйлы мийманларға, белгили жәмийетлик ғайраткерлерге усылайынша нан алып шығатуғынлығынан хабарым бар еди. Бирақ, мениң ҳүрметиме жақын арада өз алдына нан-дуз алып шығып, аўыз тийемен деп ойламаған едим. Мени де белгили дөретиўшилер қатарында ардақлап, салтанатлы түрде күтип алғанына бир жағынан бираз қысындым. «Халық меҳри мысалы теңиз, оның шегарасы жоқ» дегени ҳақыйқат екен деп ишимнен ойлап қойдым. Мектеп босағасынан ишке киргенимизде бир топар бақсы қызлар ала мойнақ дуўтарда халық қосығына айланып кеткен «Қарақалпақта» қосығын кәмине келтирип атқарып, көркем өнерге шайда болған кеўлимизди суўсынландырды. Кеше шөлкемлестириўшилериниң пуқта таярлық көргенине, мийнетине, инта ҳәм ықласына тәсийин қалып, жағымлы намалардан руўхланып илаж өткерилетуғын орынға жол алдық. Талғам менен безетилген үлкен залға кирип зейнимиз ашылды.
Әдебий ушырасыў кешесин мектеп директоры Еркинбай Хожамбергенов ашып берди ҳәм дөретиўшилигимиз бойынша итибарға ылайық пикирлерди билдирди.
Буннан соң Қараөзек районы ҳәкимлигинен келген Қуўанышбай Разбеков сөзге шығып, китапқумарлық ҳәптелиги шеңберинде өткерилип атырған бул илаждың әмийетине тоқталып, район көлеминде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық ислери өзиниң күтилген нәтийжесин берип атырғанлығын мақтаныш пенен айтып өтип, жыйналғанларға кеўил төриндеги жақсы тилеклерин жоллады.
Мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Лизахан Испановаға сөз нәўбети берилгенде, ушырасыўдың тәрбиялық әҳмийетине тоқталып, оқыўшы жаслар шайыр-жазыўшылар менен дийдарласыў арқалы үлкен тәсир алып, керекли руўхый билимлерди үйренетуғынлығын, көркем сөздиң қүдиретин сезинип, китапқумарлық мәдениятының жетилисетуғынлығын айтып өтти. «Оқыўшылардың өзлериниң усыныслары тийкарында сизди мектебимизге мийман етип шақырдық. Хош келипсиз! Қәдемиңизге гүл питсин!» деп бизиң кеўлимизди таўдай көтерди. Устазларының шығып сөйлеўлеринен соң оқыўшылар бизиң өмир жолымыз ҳәм дөретиўшилишимиз бойынша қызықтырған сораўларын берди. Оқыўшылардың берген сораўларын талқылап, жуўап берип отырып, олардың ойлаў, пикирлеў дәрежесиниң жоқарылап киятырғанлығына, әдебий саўатлылық дәрежесиниң артып атырғанлығына, өмир ҳәм поэзияны байланыстыра алыў шеберлигине күтә сүйсиндим.
Шығып сөйлеўлер, сораў-жуўаплар жуўмақланғаннан кейин мектептиң қәбилетли оқыўшылары тәрепинен таярланған әдебий композициялық бағдарламаға нәўбет берилди. Китапларымнан орын алған қосықларымды оқыўшылардың бар интасы менен көркем ҳәм тәсирли етип сахнада айтқан мәўритлерде кеўлим елжиреп, қуўаныштан өзимди қоярға жер таппай, жүрек алғысларымды айтып қол шаппатлап отырдым. Хош ҳаўаз оқыўшылар тәрепинен атқарылған қулақтың қурышын қандыратуғын қосық ҳәм намалар бир әлем заўық бағышлап, турмыстың бираз тәшўишлерин умыттырып, мәдений дем алыўға имканият туўдырды. «Арал муңы» атлы сахналық көринисти тамаша еткенимде, мектеп оқыўшыларының көпшилигинде актёрлық қәбилет бар екенлигин, өз үстилеринде және де тынбай ислеп, устазлары тәрепинен жол-жобалар берилип, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланса келешекте көркем өнеримизди раўажландырыўға үлес қосатуғын талант ийелери болып жетилисетуғынлығына исенимим кәмил болды.
Мен дөретиўшилигимди қәдирлеп, қутлы мийман еткенлиги ушын мектептиң гүллән устаз ҳәм оқыўшыларына шексиз миннетдаршылығымды билдирдим. Авторлық китапларымнан саўға етип, билим дәргайының табыслары мол болып, келеси оқыў жылларында да және дийдар көрисиў несип етиўин тиледим. Кеўли нурлы, жүреги мийримге толы инсанлар менен хошласып, үлкен тәсирлер менен үйиме қайттым.
Қараөзекшилердиң жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин, миймандослығын, қонаққа болған ҳүрмет-иззетин, сыйлаған нан-дузын өмир бойы умытпай, қайда жүрсем де сағыныш пенен еслеп, үлги етип айтып жүремен.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.