ҚАТАРЛАРЫНАН АЛДЫН СТУДЕНТ БОЛДЫ

Соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекетимиздиң ертеңги айдын келешегин жаратыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Әсиресе, соңғы жыллары Президентимиздиң аталарша ғамқорлығының арқасында аймақларда ашылған Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер өсип киятырған жас әўладларымыздың заман талабына сай билим алыўында айрықша орын тутып, бул дәргайларды питкерген жаслар дүньяның ең жетекши жоқары оқыў орынларында оқып билим алып атыр.
Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты да усындай оқыў орынларының бири болып, ҳәзирги ўақытта бул жерде тәбийий ҳәм анық пәнлер бағдарлары бойынша 457 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Мектеп муғаллимлериниң оқыўшыларға берген билиминиң нәтийжесинде олар республикамызда өткерилетуғын пән олимпиадаларында жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.
– Бизиң мектебимиз оқыўшылары усы оқыў жылында тийкарғы пән олимпиадаларының үшинши Қарақалпақстан Республикасы басқышында информатика, физика, химия, биология, математика пәнлери бойынша жоқары көрсеткишке ерисип, республика мектеплери арасында биринши орынды ийелеўге миясар болдық, – дейди усы мектеп директоры Марат Ибрайымов. – Солар арасында 9-класс оқыўшылары Айзада Кеңесбаева менен Нәўбәҳәр Дәўлетбаеваның химия ҳәм биология, 10-класс оқыўшысы Умид Каримбаевтың математика пәнлеринен биринши, 9-класс оқыўшылары Ерназар Жуманиязовтың физика, Арысланбек Орынбаевтың математика, 10-класс оқыўшысы Малика Хожамуратованың информатика, 11-класс оқыўшылары Айнура Алламбергенованың биология, Файзулла Жаңабаевтың химия пәнлеринен екинши ҳәм 9-класс оқыўшысы Жансая Алламбергенованың химия пәни бойынша сыйлы үшинши орынларды ийелеўи мектебимиз жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөледи.
Сондай-ақ, мектебимиз питкериўшилеринен 9 оқыўшы улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў бойынша зәрүр сертификатларды қолға киргизип, 189 балл топлаўға еристи. Буннан тысқары 2 оқыўшы Ташкент қаласындағы Москва инженерлик физикасы институты Миллий изертлеў ядро университети филиалы тәрепинен өткерилген олимпиадада жеңимпаз болып, грант тийкарында студентликке қабылланды. Сондай-ақ, 1 оқыўшы халықаралық таңлаўда табыслы қатнасып, Санкт-Петербург мәмлекетлик университетиниң “Менеджмент ҳәм мәмлекетлик ҳәм муниципаль басқарыў” факультетине, 1 оқыўшы Италияның Варезе қаласында болып өткен академиялық ескек есиў бойынша Жәҳән кубогинде (PR3 Mix4+категориясы бойынша) жоқары нәтийже көрсетип, халықаралық дәрежедеги спорт шебери дәрежесин қолға киргизди ҳәм мүддетинен алдын дене тәрбиясы бағдарындағы жоқары оқыў орнына грант тийкарында қабыл етилди. Алдағы ўақытлары бул көрсеткишти еле де жақсылаў ушын аянбастан мийнет ете беремиз.
Ҳақыйқатында да, оқыўшылардың билим алыўы ушын қолайлы шараят бар жерде жақсы нәтийже болады. Ҳәзирги күнлери болса, мектеп муғаллимлери оқыўшылар менен тығыз бирге ислесиўди даўам етип, қолға киргизилген бул көрсеткишлерди еле жақсылаўды мақсет етип мийнет етпекте.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.