Хожели, әзелден хожалар ели,
Қуўаныш, Шадлыққа бѳлейди мени,
Қосық-сазларымды бәлент жаңлатып,
Жырлайман бахтыңды, даңқыңды сени!
Хожели, әжайып, саўлатлы елсең,
Илҳам-йош аламан, қыдырып келсем.
Мәрт азамат, сақый дийқан халқың бар,
Жайнап-жаснап, гүлленесең еле сен!
«Жақсы тилек, жарым ырыс»-деген ғой,
Хожелиде, бола бергей күнде той,
Берекет дарыған кийели елсең,
«Жаяў келген ат минип кеткен» ғой!
Жипек жолдың бойындасаң, Хожели,
Бәрҳа мениң ойымдасаң, Хожели,
Жеңис пенен табысларың кѳп болғай,
Бахыт, шадлық қойындасаң, Хожели!
Мақсет МАТЕКОВ.
