Таң атты.Биз күткен аппақ қар менен,
Бир кәрамат жымыңлады илҳам-йош
деген.
Қәдемлер таслайман, қыялымдай кең,
Шүкирлер болсын…!
Қанша күттим сени, ынтығып күттим,
Сағыныш жалынын қупыя туттым.
Сыйқырлы дүньяның сырлы бағларын,
Қәлбимде сезинип, гүзетиў ушын,
Көзимди жумдым…
Көзимди жумдым, кеўлимди
қалдырғанларға,
Исеним айнасын сындырғанларға,
Тасқын толқынымды тындырғанларға,
Көзимди жумдым….
Миннетдар болдым!
Әззи кеўилимди ең күшли қылып,
Жығылған орнымнан турдырғанларға
Абайлап қәдемимди басыўым ушын,
Төрт тәреп қорғанын қурдырғанларға,
Көп рахмет айттым!
Қулласы…
Аппақ қар сыйлаған нийетлер
менен,
Дүнья тәшўишинен бир мәўрит
кешип,
Гирбиңсиз дүньяда саяхат
еттим…
Шүкирлик еттим!!!
Минара
ҚАЛБАЕВА.
