САЯХАТТАҒЫ ҚАРИЯЛАР

Елимизде инсан ҳуқықы бәрқулла жоқары орында болып келген. Жасыүлкенлерди сыйлап, оларға бәрқулла иззет-ҳүрметте болып киятырған халқымыздың бул пазыйлетине кеўлиң толады. Республикамыз бойлап ноябрь айында «Кекселер ушын туризм айлығы» кең түрде ѳткериў режелестирилип, усы бойынша кѳплеген жумыслар исленип атыр. Бизиң санаториямызда бул бойынша ис-реже исленип шығылды. Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм

мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясындағы дем алыўшылар ушын Мойнақ, Қоңырат районларында жайласқан Ҳәким ата (Сулайман Бакирғаний), Даўыт ата ҳәм Хожелидеги Мазлумхам сулыў зыярат орынларына саяхатқа апарылды. Санаториямызда дем алыўшы кекселер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Олар бул жерде дем алыў менен бирге денсаўлықларын тиклеўлери ушын физотерапиялық ҳәм басқа да емлерди алып атыр. Қәниге сыпатында «Қариялар ушын туризм айлығы»н ѳткериўге ѳз үлесимизди қосыўдан шаршамаймыз.

 

Айзада

ПАХРАТДИНОВА,
Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы шыпакери.