НЕМҚУРАЙДЫЛЫҚ – АПАТ КЕЛТИРЕР

Ҳәзирги ўақытта ҳаўа-райының кескин суўытып кетиўине байланыслы, соның менен бир қатарда қыс айларында ҳәр бир шаңарақ үйлеринде қыздырыў ушын пуў қазанлардан, контрамарка, ошақ печьлеринен, газ, электр жылытыўшы үскенелерден пайдаланылады. Олардан пайдаланғанда ѳрт қәўипсизлиги қәделерин сақламай ҳәм арқайынлыққа берилип кетсек орны толмас қайғы, қыстың қыраўлы күнлеринде баспанасыз қалыўға алып келиўи мүмкин.
Ҳәр түрли талапқа жуўап бермейтуғын электр үскене ҳәм тәбийғый газ үскенелеринен пайдаланып ѳрттиң келип шығыўына себепши болмақта. Газ плиталарын түнги ўақытлары жағып қойыў, жуўылған кийимлерин газ үскенеси үстине кептириў ушын жайып қойыўлар ҳәм де жарамсыз резина шланға арқалы жалғап пайдаланып атырғанлар кѳп ушырамақта. Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бѳлими хызметкерлери газ, электр кәрханасының хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик турақ жайлардың ѳртке қарсы жағдайын тексериў бойынша рейдлер шѳлкемлестирилмекте. Пуқаралардың турақ жайларын тексериў даўамында ескертиўлерге қарамастан, айырым пуқаралар ѳрттиң алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип ѳрттиң келип шығыўына жол қоймақта.
Ҳүрметли пуқаралар, ѳрт қәўипсизлиги қәделерин қатаң сақлап оны булжытпай орынласақ кеўилсиз жағдайлардың алдын алған боламыз.
Ж.ХОЛБАЕВ,
Тақыятас районы, АЖБ 16-ѲҚБ ГТХБ инструктор қутқарыўшысы әскер.