исбилерменлик субъектлериниң экономикадағы үлеси

Мəмлекетимизде статистика тараўында бирден-бир сиясатты əмелге асырыўға қаратылған ҳуқық ҳəм миннетлемелерди беккемлеў арқалы Өзбекстан Республикасы статистика комитети рəсмий статистиканы жаратыў менен байланыслы өз ҳуқықларын барлық мəмлекетлик органлар ҳəм мәкемелерден ғəрезсиз тəризде əмелге асырыў тəртиби орнатылады. Бунда статистика органларының нызамлы искерлигине, соның ишинде рəсмий статистика есабатлары ҳəм гүзетиўлерин өткериў ҳəм де оларды баспадан шығарыў ҳəм жəриялаў процесслерине ҳəр қандай араласыўларға жол қойылмайды. Мəмлекетлик статистика комитети тəрепинен жаратылған статистика мағлыўматлары рəсмий статистика мағлыўматы сыпатында жəрияланады.
Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардың экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.
2022-жыл январь – декабрь жағдайына киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен жалпы регионаллық ишки өнимниң – 56,6 пайызы ислеп шығарылды. Киши исбилерменлик субъектлериниң халық хожалығының жетекши тараўларындағы үлеси де салмақлы болды. Олар тәрепинен санаат өниминиң – 21,0 пайызы, қурылыста орынланған жумыслар улыўма көлеминиң – 90,0 пайызы, жәми хызметлер тараўында – 49,9 пайызы, усақлап сатыў саўда айланысының улыўма көлеминен – 92,9 пайызы, аўыл хожалығында – 94,0 пайызды қурады.
Мәмлекетимиз экономикасы раўажланыўының тийкарғы бөлими киши исбилерменлик субъектлериниң ислеп шығарыўы ҳәм көрсеткен хызметлеринен ибарат. Сондай-ақ, экономиканың раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниң барлығын статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи. Статистика – бул мәлим бир сорамда исленип атырған экономикалық-социаллық раўажланыўдың көринислери, реформалардың орынланыўын бақлап, талқылап, пухталап ҳәм бул ҳаққында мағлыўматларды таярлап барыўшы тараў болып табылады.

Рустамбай Шарибаев,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Исбилерменлик орталығы гүзетиўлери, исбилерменликти раўажландырыў статистикасы бөлими баслығы.

***

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
2023-жылдың 1-январь жағдайына районымыз аймағында 1368 хожалық журитиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 623 ди қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекет етип турғаны 578 субъект болып, соннан 116 субъект жыл басынан жанадан ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып, өз хызметлерин халқымызға усынбақта.
Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалары саны 76, қурылыс кəрханалары саны 39, саўда кəрханалары саны 170 ҳəм де 293 аўыл хожалығы ҳ.т.б. кəрханалардан ибарат.
2022-жыл даўамында район аймағында ҳəрекет етип турған санаат кəрханалары тəрепинен 369,3 млрд сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 14,7 млн АҚШ доллар, сыртка шығарып сатыў товар айланбасы 13,4 млн, АҚШ доллар ҳәм сырттан товар алып келиў 1,3 млн АҚШ доллар болып 90,8 процентти қурады.
Районымыз 2022-жылдың 1-январь жағдайына 53091 адамды қурайды, ҳәзирги күнде районымызда 4 МПЖ ҳəм 7 АПЖ болып жайласқан.
Қанлыкөл районы статистика бөлими.