Сүмелек тағамының тарийхы ҳәм тәрийпи еситкен адамда үлкен тәсир қалдырады. Ѳтмиш тарийхымыз ҳәм ата-бабаларымыздың турмыс тәризи кѳз алдыңа келеди. Мине, бүгинги күнге шекем сүмелек ѳзиниң мазасы ҳәм таярланыў сырлылығы менен кѳпшиликти қызықтырып келмекте.
Жасы үлкен, тәжирийбели апаларымыздың айтыўынша, сүмелек-гүзлик бийдайдан таярланып писирилсе жүдә мазалы болар екен. Бийдай жақсылап тазаланып, таза тегис тахтайшаға 1,5-2 см қалыңлықта жайылып, күнде суў себелеп турылады. Бойы 3 см болғанда аппақ тамыр байлайды. Бул муғдардан ѳтип кетсе де болмайды. Себеби сүмелектиң мазасына тәсир етиўи мүмкин. Абайлап алынып, кели-келсап пенен түйиледи. Езилген бийдай табаққа салынып, муздай суўға араластырып, суўы сийле менен сүзип алынады. Бул еки-үш мәрте қайталанады. Соң қазанға қуйылып, ун салынып, ағаш қалақ пенен араластырып қайнатылады. Сүмелек азайып, қойыўланса бийдай суўы яки қайнаған суў қуйылады ҳәм былғанады. Сүмелек 13-14 саатта писеди.
Сүмелектиң әйне бәҳәр мәўсиминде писирилиўинде де үлкен мәни бар. Ата-бабаларымыз жуўанның жиңишкерип, жиңишкениң үзилетуғын ўақты деп тәрийплейтуғын бул пасылда, яғный ерте бәҳәрде ѳзимизде кѳп витаминлерге мүтәжлик пайда болар екен. Бүгинги күн медицинасы да сүмелектңиң қурамында аскорбин кислотасы, фолик, цинк, иод, темир ҳ.б. пайдалы элементлер барлығын тастыйықлайды.
Ең әҳмийетлиси, Наўрыз тағамы-сүмелек инсанларды бир-бирине жақынластырады. Аўызбиршилик ҳәм меҳир-мүриўбет сезимлерине бѳлейди.
Дилбар ЯНГИБАЕВА,
Нѳкис қаласы. 36-санлы мектептиң ѳзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
