21-март күни «Жаңа Өзбекстан» бағындағы амфитеатрда Наўрыз байрамының салтанатлары болып өтти.
Инсан руўхыятында жаңаланыўлар, жақсылықлар, ийгиликли ислер сүрен салып турғанда дүньяға аманлығынан жар салып, Наўрыз кирип келди. Наўрыз өз етеклеринде ел ардақлайтуғын тынышлық, аманлық, қәтержамлықты алып келди. Кең далалықлар жап-жасыл гияларға қапланған, әтирап қуслар даўысы хош ийисине бөленген.
«Жаңа Өзбекстан» бағының аймағы байрам кейпиятына бүркенген. Наўрыз бенен байланыслы дәстүрлер презентациясы, миллий мәдений орайлар көргизбелери шөлкемлестирилген.
Салтанат қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шаппатлаўлар менен қызғын күтип алды.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәммени Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
– Бүгин шексиз Ўатанымыздың ойпатлық ҳәм жайлаўлары, қала ҳәм аўыллары, бағ ҳәм майданларында ел-халқымыз үлкен қуўаныш пенен Наўрыз сейиллерин өткермекте. Кеўиллеримиз қуўанышқа толып турған усы гөззал демлерде кексе ҳәм жас ўатанласларымызды шын кеўилден қутлықлап, барлығыңызға өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Наўрыз – инсанияттың өзиндей әййемги ҳәм мәңги байрамлардан. Ҳәзирги ўақытта бул байрам Жер жүзинде үлкен шадлық, қуўаныш пенен қарсы алынады. БМШ Бас Ассамблеясының 2010-жыл 23-февральдағы резолюциясы менен 21-март – пүткил жер жүзинде Халықаралық Наўрыз күни сыпатында белгиленеди.
Дүньяда сонша миллий байрамлар болып турып, не ушын мине усы халқымыздың шығысқа тән жаңа жылы – Наўрыз миллий шегараларынан шығып, дүнья байрамына, улыўма инсаныйлық қәдириятқа айланды. Себеби, Наўрыз ҳәмме дәўирде тынышлық, татыўлық, дослық, ўатанға, ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат белгиси болып келген. Ата-бабаларымыз мың жыллардан берли бул күнди жақсылық, кеңпейиллик ҳәм теңлик белгиси сыпатында белгилеп келген.
Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, ҳәр бир пуқараның ҳуқықларын әмелде тәмийинлеў, барлық қала ҳәм районлардың халқы ушын мүнәсип шараят жаратыў бойынша көп жумыслар исленбекте. Экономика ҳәм социаллық тараўлар ҳәр тәреплеме раўажландырылмақта, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спортқа үлкен итибар қаратылмақта.
Усындай жумысларды даўам еттириў мақсетинде усы жылы Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди.
– Турмысымызды және де гөззал ҳәм абат етиўде биз әдиўли ата-аналарымызды, олардың дана мәсләҳәтлери ҳәм пәтияларынан күш-қуўат аламыз. Миллий раўажланыўымызды жаңа басқышқа көтериў жолында мәртлерше мийнет етип атырған ҳүрметли аға-инилеримиз, әзиз апа-қарындасларымызға – пүткил халқымызға исенемиз ҳәм сүйенемиз,-деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы Ўатанның раўажланыўы жолында мүнәсип хызмет етип атырған бәршеге миннетдаршылық билдирди. Келеси айда өтетуғын әҳмийетли сиясий илажда пуқаралар жоқары сиясий сана-сезим ҳәм мәдениятын көрсететуғынына исеним билдирди.
Дийқан ҳәм фермерлер, спортшылар, жаслардың жетискенликлери еске алынды.
Халқымызға тән саўаплы әмеллерди тек ғана Наўрыз әййямында емес, ал ҳәр күни орынлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Бүгин биз қурып атырған социаллық ҳәм халықшыл мәмлекетте мийрим-шәпәәт, сақаўат, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик турмысымыз қағыйдасына айланыўы зәрүр. Әзелден «адамгершилик үлкеси» деп даңқ таратқан Ўатанымызда ҳәр бир инсан халқымыз ҳәм мәмлекетимиздиң меҳри ҳәм итибарын толық сезип жасасын, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент елимиздиң мусылманларын, пүткил ислам халқын жақынласып киятырған Рамазан айы менен де қутлықлады.
Сырт еллердиң елшилери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына да жақсы тилеклер жолланды.
Сондай-ақ, 22-март күни белгиленетуғын Мәҳәлле күни мүнәсибети менен усы системаның белсендилери, ақсақаллар, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилерин қутлықлады.
Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Фольклор-этнографиялық жәмәәтлер ҳәм көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, миллий ойын ҳәм қызықшылар ҳәммеге көтериңки кейпият үлести.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, ҳәр қыйлы аймақлардан мийманлар, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.
Бул салтанатлы илаждан соң Президент Шавкат Мирзиёев Наўрыз сейилинде қатнасты, миллий мәденият орайлары ҳәм халық әмелий көркем өнери көргизбелерин көрди.
Наўрыз мәмлекетимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң сүйикли байрамына айланған. Сейилде мине, усы татыўлық, елимиздеги миллетлер аралық дослық айқын көринди.
Президентимиз байрамға келген адамлар менен сәўбетлесип, оларды қутлықлады.
Наўрыз сейиллери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларында, район, аўылларда даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршысы.
