ИТИБАРЛЫ БОЛАЙЫҚ

Ана тәбиятымыздың ең бир гөззал көринислериниң бири бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен турақ жайлар, мәкеме ҳәм кәрханалар әтырапын абаданластырыў жумысларын алып барады. Яғный, от-шөплерди бир орынға кишкене атыздың ишине жыйнап өртейди. Соннан оны толық өширип көмип таслаўға онша әҳмийет бермей, көпшилик жағдайда өрт келип шығады. Бәҳәр мәўсиминде шөплер оғада курғақ болады, сонлықтан ҳәр биримиз балалардың шырпы, яғный от пенен ойнаўына жол қоймаўымыз керек.
Районымызда бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып халық хожалығындағы барлық жетискенликлеримизди асырыў ҳәм оны көбейтиўге үлес қосыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болып табылады. Бүгинги күнде елимиздиң Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери пуқаралардың ден саўлығын ҳәм елимиз байлықларын сақлаў ҳәм қорғаўдай ийгиликли ислерде олар күни-түни хызмет атқармақта. «Аўырыўды емлегеннен оның алдын алған абзал» дегендей, айрықша жағдайлардыӊ алдын алыў, оннан қорғаныў уқып ҳәм билимимизди жетилистирип барыў ҳәр қандай инсан ушын үлкен әҳмийетке ийе – деп ойлайман.
Бәҳәр мәўсиминде қутырыў – ыссы қанлы ҳайўанларда ҳәм адамда ушырайтуғын өткир қәўипли жуқпалы кеселлик болып, кеселликтиң тийкарғы белгилеринен бири болған суўдан қорқыў белгилерине қарап әййемнен бул кеселликке гидрофобия деп ат қойған. Қутырыў дүньяның барлық жерлеринде ушырайды. Дүньяжүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына көре жер жүзинде ҳәр жылы 50 мыңға жақын адам қутырыў кеселлигинен набыт болады. Сонлықтан, өзиңизди, жақынларыңызды асыраң.
Р.Г.Худайбергенов,
Тақыятас районы, АЖБ қәнигеси аға сержант.