САНЛАР СӨЙЛЕЙДИ

2023-жылдың 1-апрельге Кегейли районы аймағында 1487 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери 807 ти қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны 639 субъект болып, соннан 69 субъект жыл басынан жаңадан ашылып бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып, өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 125, қурылыс кәрханалары саны 69, саўда кәрханалары саны 204, ҳәмде ҳ.т.б 169 кәрханалардан ибарат.
2023-жылдың 1-апрель ҳалатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 98 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 1297,1 мың АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 55,4 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 52,5 млрд. сум болып 111,0 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.
Сондай-ақ, районымыз аймағында жасаўшы халық саны 74 300 адам екенлиги мәлим болды, бунда еркеклер саны 38 080 ал ҳаяллар саны болса 36 220 ны қурайды.
Кегейли районы статистика бөлими.