Дин нықабындағы ҳәр түрли бузғыншы топарлардың жәмийет турақлылығына қәўпи жүдә үлкен. Олар дәслеп тынышлыққа, миллетлер аралық ҳәм динлер аралық татыўлыққа иритки салады. Ѳзлери билген яки билмеген ҳалда белгили бир сиясий күшлердиң мәплери кѳбинесе әпиўайы, исениўши адамлар, әсирсе жаслар түсип қалады. Сонлықтан динниң атынан айтқан базы бир ис-ҳәрекетлерге шақырып, ѳзине жақынластырыўға урынып атырған кимселерден абайлы болыў керек. Муқаддес динимизде қәте ҳәм гүнә иске араласып қалмаў ушын ҳәр бир инсан жәмийетшилик тән алған уламаға, қәнигеге мүрәжат етип турыўы тийис. Ал, ғәрезли күшлердиң хызмети алдаў ҳәм ҳийле тийкарында қурылған болады. Олар адамға тәсир ѳткериўдиң түрли усылларынан пайдаланыўы мүмкин. Ең дәслеп, минез-қулқың, дүнья қарасын ҳәм социаллық жағдайыңды тез үйренип шығыўға ҳәрекети етеди.
Жасларымыз арасында сонша түсиник жумыслары алып барылыўына қарамастан, қулақ қойып, ықлас етип үйрениўде «адасып» жүргени жүдә ѳкинишли.
1999-жылы туўылған нѳкисли А.А. ѳткен жылдың ақырынан баслап Қуранды оқып үйрениўди баслайды. Буның ушын ол, ҳәзир ҳәммеси тармақларда тайын деген менен ѳзиниң аккаунтына ѳзин қызықтырған диний мазмундағы видео файлларды ҳәм мағлыўматларды жүклеп алады.
Лекин, халқымызда «жылтырағанның бәри алтын бола бермейди» деген гәп бар. Оның кѳринген нәрсеге тез исенгишлиги ҳәм идеологиялық иммунитети еле толық қәлиплесип жетпегенлиги ѳзине үлкен ѳкиниш алып келди. Билип билмей басқан жынайы қәдеми ушын суд гүрсисине отырды. «Samsung Calaxy A 52» маркалы қол телефонындағы «Instagram» социаллық тармағындағы ѳзине тийисли аккаунтындағы диний мазмундағы видеофайллар ҳәм мағлыўматларда ғәрез мақсеттеги пикирлер барлығы себепли Ѳзбекстан Республикасына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған екенлигин билмегенлигин айтып, кеширим сорады. Лекин, ҳуқықбузарлық ҳәрекети ушын жынайы жуўапкершиликке тартылды.
Суд материаллары тийкарында таярлаған: Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.
