Ташкент қаласында өткерилген “Алтын қалам” халықаралық сыйлығын тапсырыў мәресиминде қарақалпақстанлы журналистлердиң мийнети де ылайықлы баҳаланды.
«Ең жақсы журналистлик материал ушын» миллий сыйлық (баспасөз, ғалаба хабар қураллары) бағдары бойынша «Еркин Қарақалпақстан» – «Вести Каракалпакстана» газеталары редакциясы жәмәәти биринши орынды ийелеген болса, «Ең жақсы фоторепортаж ушын» номинациясында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳәбибуллаев жеңимпаз деп табылды.
Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасы 1924-жылдың ноябрь айынан шыға баслаған болып, қандай заман болса да өз дәўирине шын кеўилден хызмет еткен ҳәм халқымыздың алғысына бөленип келген. Қарақалпақстан Республикасы турмысындағы әҳмийетли жаңалықлар, тарийхый ўақыялар, есте қаларлық сәнелерди бириншилер қатарында сәўлелендириўде редакцияның барлық дәўирдеги жәмәәти аянбай хызмет етти. Елимиздиң даңқлы перзентлери, ел таныған журналистлер көплеген халық шайырлары, жазыўшылары, сиясий жәмийетлик ғайраткерлерин жетилистирип шығарып, қәлеми өткир белгили журналистлерди тәрбиялаўда өзине тән мийнет ҳәм дөретиўшилик мектеби болып хызмет етпекте. Баспасөзимиздиң көш баслаўшысы болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасы республикамыздың жәмийетлик – сиясий турмысын ашып бериўши келбети еле де заманагөйлесип, келеси жүз жыллықта да халқымыздың нағыз сүйип оқыйтуғын газетасы бола бериўине тилеклеспиз.
– Бул сыйлық жәмәәтимиздиң табысы. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси шөлкемлестириўиндеги республика баспасөзиниң ең туңғыш басылымы. Барлық газеталарымыздың көш басы болған халық минбери. Сонлықтан «Алтын қалам
» сыйлығы Қарақалпақ халқына, қарақалпақ баспасөзине берилген баҳа деп билемиз. Президентимиздиң ең әўели халықты разы етиўдей баслы сиясаты талапларын орынлаўдай әдиўли иске өз үлесимизди қоспақтамыз. Бул бағдарда биз де өз газета оқыўшыларымызға ең сапалы, ең мазмунлы мақалаларымыз бенен өз ықласбентлеримизди разы етиўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз. «Алтын қалам» жәмәәтимиз ағзаларына жаңа дөретиўшилик илҳам-йош береди, – дейди «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталары бас редакторы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қурбанбай Байниязов.
Барлық баспасөз бетлеринде М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери деп танылған, шебер фотожурналист бүгин «Алтын қалам» сыйлығының жеңимпазлары қатарында. Тынып-тыншымаған талант барлық ўақытта өз нәтийжесин берери анық. Өзбекстан көлеминде де көп ғана мийнетлери менен өз орнын белгилеўге үлгерген талант ийеси.
– Фото этюд, фото репортаж ҳәм фото очерклерим менен қатнастым. Устазларымнан мудамы үйренип, излениўде боламыз. Алдағы ўақытлары еле де көбирек өз үстимде ислеп, халқымызды өзим түсирген фотосүўретлер арқалы пүткил дүньяға танытыў ушын аянбастан хызмет ете беремен, – дейди «Алтын қалам» сыйлығының «Ең жақсы фоторепортаж ушын» номинациясы жеңимпазы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.
