УСЫ КӘСИПТИ ТАҢЛАҒАНЫМА…

Базы да адам кәсипти таңлай ма яки кәсип адамды ма, деген сораў қыялымыздан ѳтеди. Кимдур ѳзи ислеп атырған қәнигеликке тосаттан келип қалады, ал кимдур ықласына бола бир кәсипке араласады.
– Тәрбияшы болыў қыйын шығар я, үйдеги еки баланың шаўқымынан далаға қашқымыз келеди?
– Яқ, олай емес, Сиз кәсиптиң ишине кирип кетип, үйрениң, пикириңиз ѳзгереди деймен. Себеби, ѳзим кәсипти таңлағанман. Оның қыйыншылығын емес, жуўапкершилигин сезинемен.
Халқымызда «Ҳәр бир ағаштың мийўеси болады, ал, кеўил мийўеси бул – перзент» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында да ҳәр бир ата-ана ушын жанынанда шийрин перзентлериниң саламатлығын ҳәм олардың жүзлериндеги қуўаныш нурларынан артық бахыт жоқ. Әне, усындай бахытлы мәўритлерди жаратып бериў ушын тынымсыз мийнет етип, жақсы имканиятларды ѳзине заўық пенен қарсы алады.

Соңғы жыллары келешегимиз болған жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылып, олардың ҳәр тәреплеме саламат, жетик инсан болып қәлиплесиўине, оқып билим алыўына барлық мүмкиншиликлер жаратылмақта.
Қараѳзек районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияшы болып ислеп атырғаныма 30 жылдан асқан болса, жылма-жыл жаңа раўажланыўлар, жақсы ѳзгерислер менен имканиятлар есиклери ашылып атыр. Бүгинги күнде тәжирийбели педагог Пухаргүл Палданова басшылық ететуғын бул жерде 6 топарда 285 бала тәрбияланып, оларға тәжирийбели педагог-тәрбияшылар бала менен баладай болып, тәрбия ҳәм билим сырларын үйретеди.
Бақша тәрбияланыўшыларының шаққан, зийрек, қызығыўшаң менен умтылыўшаң болыўы тәрбияшыларға байланыслы екен, олар балалар менен ҳәр күни тығыз ислесип, олардың зерикпеўлери ушын ҳәрекет етеди. Себеби, күнде бир нәрсени кѳрип ҳәм есите берсе ол бала жалығады. Сол ушын да ҳәр күнги режемиз менен ҳәпте күнлерине ат қойып, қызықлы ҳәм асығып күтетуғындай, ядында қалатуғындай тәрбия жумыслары алып барылмақта.
Мәселен, белгили сәнелер, мийўе жемислер, ҳайўанатлар дүньясы менен таныстырыў, мәўсимлерди реңлери менен гѳззал етип түсиндирип барыў-бул баланың дүньясына кирип барады. Ең тийкарғысы баланың қәлбинде Ана Ўатанға меҳир-муҳаббат, садықлық, миллий қәдириятларымыз бенен үрп-әдетлеримизге ҳүрмет пенен қараў сезимлерин сиңдириў ҳәр бир тәрбияшының әдиўли ўазыйпасы саналады.
Мине, усындай тәрбия жумысларындағы талап ҳәм жуўапкершиликти тереңнен түсинип, тәрбияланыўшылардың ата-аналары менен турақлы түрде қатнаста болып, жумыс алып бармақтаман. Себеби, ҳәр бир ата-ана баласын заман менен тең қәдем таслап, ой-ѳриси кең, шаққан, зийрек, шет тиллерин үйрениўлерин қәлейди. Бул жумысларды ѳз педагогикалық тәжирийбемизден келип шығып ҳәм мәсканымыздағы жаратылған имканиятлардан пайдаланып жумыс алып барып атырмыз.
Мине, бүгин 1-июнь халықаралық балаларды қорғаў күни. Бул күнди балаларым асығыс пенен күтеди. Сол ушын олардың байрамын кеўилли ѳткериў ушын байрам тамашаларын қызықлы етип таярлап ѳткерип атырмыз. Илайым, келешегимиз ийелери болған жас әўладларымыз бахытлы, әўметли болғай. Балаларымыздың шадлы күлкилери жаңлай берсин.
Қаллигүл АБДИНИЯЗОВА,
Қараѳзек районы, 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў бѳлими тәрбияшысы.