Ана тилимиздиң терең астарлы мәниге бай кең имканиятларын бармақ бүгип санаўдың мүмкиншилиги жоқ. Олардың шексизлиги негизинде бизлердиң ѳлмес руўхый байлығымызды қурайды. Тил-тек ғана қарым-қатнас қуралы емес, инсан келбетин, пазыйлетин ҳәм әдебин де билдиреди.
Ана тилин оқып үйрениў арқалы оқыўшы саўатлы жазыўға, мәдениятлы сѳйлеўге, ѳз пикирин толық баянлаўға ериседи. Ана тили-басқа пәнлерди үйрениўдиң тийкары. Сондай-ақ, тилимиз-намысымыз, арымыз ҳәм әлбетте ѳзлигимиз белгиси екенлигин перзентлеримизге тез-тез уқтырып барыўымыз тийис. Улыўма билим бериў мектебинде жигирма жылға шамалас ўақыттан берли ислеп киятырман. Оқыўшыларымыздың ана тилимизге деген ықласы да, қызығыўшылығы да бәлент. Олар сабақлықлардағы әдебиятлар менен шекленип қалмастан қосымша дѳгереклерге де қатнасады. Дѳгерек сабақларымыз нақыл-мақаллар менен және де тәсиршең ҳәм қызықлы ѳтеди. Оқыўшыларды астарлы ѳткир мәнидеги сѳзлердиң кең мағанасы жүдә қызықтырады. «Сѳз жүйесин тапса, мал ийесин табады», «Қылыш пенен бойсындыра алмаған кеўилди сѳз бенен ашыўың мүмкин» тийкарында оқыўшыларға қызықлы ўақыялар, әпсаналар айтып бериў жүдә пайдалы. Оқыўшыларды ойлаўға ҳәм пикирлеўге үйретеди.
Нақыл-мақал – ақылдың қалтасы – деп үйретиўге ҳәрекет етемен. Барлығы бизиң турмысыздан алынған болып, ҳәр бири ѳмиримизде жүдә керекли. Оқыўшыда тәлим-тәрбиядағы барлық кѳнликпелерди қәлиплестирип барыўда нақыл-мақаллардың орны айрықша болып есапланады.
Амангүл
ХОЖАМУРАТОВА,
Хожели районы, 4-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
