Жойбар шеңберинде дөгерек сәўбет

Жақында Нөкисте «Бизиң меҳрибан атымыз» атамасында «Юксак салоҳият» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан филиалы тәрепинен институционаллық раўажландырыў жойбарының жуўмақларын таныстырыўға бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң, мәкемелердиң хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Сәўбет даўамында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына сапалы хызмет көрсетиўде жуўапкер шөлкемлердиң бирге ислесиўи мәселелери додаланды.
– Евразия фондының «Орайлық Азияда социаллық инновациялар» (SICA) Бағдарламасы шеңберинде АҚШ тың халықаралық раўажландырыў агентлиги (USAID) тәрепинен қаржыландырылған бул жойбар шеңберинде филиалымыз жумысшылары ҳәм волонтёрларына «Саламат турмыс тәризи», «Репродуктивлик саламатлық», «Ҳуқықый саўатлылық ҳәм киши бизнести алып барыў» темалары бойынша тренинглер өткериў, оқытыў режелестирилген болып, усы арқалы шөлкемниң потенциалын күшейтиў мақсет етилген, -дейди «Юксак салоҳият» шөлкеминиң Қарақалпақстан филиалы директоры Малика Аллашова. – Тренинглер бизлердиң мақсетли топарымыз болған мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына, жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларға сапалы хызмет көрсетиў имканиятын береди. Филиалымыз келешекте де халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы социаллық шерикликти беккемлеў ҳәм өз-ара биргеликте жумыс алып барыўды күшейтиўге ҳәрекет етеди.

Шөлкемниң жумысы халықтың медициналық мәдениятын арттырыўға, ҳуқықый, экономикалық ҳәм экологиялық билимлерин қәлиплестириўге, гендер теңликке ерисиўге қаратылған.
Илаж даўамында «Юксак салоҳият» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Қарақалпақстан филиалының жумысы ҳәм жойбар таныстырылып, видеоролик қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.