Мүддетинен алдын даўыс бериў

Усы жылдың  9-июль күни пүткил мәмлекетимизде өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына мүддетинен алдын даўыс бериў процесслери 28-июньнан басланып, ол  5-июльға шекем даўам етеди деп белгиленген.
Сайлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының нызамына муўапық сайлаў күни өзиниң жасаў орнында болмаған пуқаралар мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе деп көрсетилген. Сайлаў участкасында мүддетинен алдын даўыс бериў ўақты саат 9:00 дан саат 18:00 ге шекем, дем алыс ҳәм байрам күнлери саат 11:00 ден саат 17:00 ге шекем  әмелге асырылады.
28-июнь күни саат 11:00 ден баслап республикамыздың барлық аймақларындағы сайлаў участкаларында  мүддетинен алдын даўыс бериў басланды.
Нөкис қаласындағы 28-сайлаў  участкасында  2165 сайлаўшы дизимге алынып, онда пуқаралардың емин-еркин даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Соның ишинде 28 жас Президент сайлаўында биринши мәрте даўыс береди.
Усы аймақта жасаўшы Султанбек Юсуповтың шаңарағы сайлаў күни жасаў орнында болмайтуғынлығы себепли, өзлериниң нызам бойынша белгиленген ҳуқықларынан нәтийжели пайдаланып, мүддетинен алдын даўыс бериў ушын сайлаў участкасына келди.
– Бизлер шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте дем алыўға басқа жаққа кетиўимизге байланыслы Президент сайлаўында мүддетинен алдын даўыс берип атырмыз, – дейди Султанбек Юсупов.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы  Шымбай шайхана мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары Ықласбай Жумабаев ҳәм Дилшада Сапарниязовалар да өзлерине берилген усындай ҳуқықтан нәтийжели пайдаланып, 12-санлы сайлаў участкасына келип Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында өзлери қәлеген талабанға даўыс берди.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 1-Қарақалпақстан сайлаў  округи аймағында 654 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларға жергиликли ҳәкимликлердиң усынысы менен ел арасында үлкен абырайға ийе 6266 пуқара комиссия ағзалары етип тастыйықланған. Бул  комиссия ағзаларының  50,9 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.