ҚРЫМ-КОНГО ГЕМОРРАГИЯЛЫҚ ЫСЫТПА

Жүдә қәўипли кеселлик есапланып ири ҳәм майда шақлы ҳайўанларда ушырайтуғын кенелер геморрагиялық ысытпа кеселлигиниң вирусын тасыўшысы есапланады. Кеселлик вирусы менен зыянланған кенелердиң шағыўы ямаса оларды қол менен езип өлтириў ақыбетинде, сондай-ақ, усы кеселлик пенен аўырған наўқас қаны менен жақын қатнаста болыў нәтийжесинде адам кеселленеди.
Кеселлик аўыр кешеди, наўқас денесиниң барлық ағзаларынан қан кетиўи нәтийжесинде түрли асқынласыўларға алып келеди, айрым ўақытларда бул жағдай өлим жағдайына алып келеди.
Сол себепли, шарўа малларын сақлаўда кенелеўден абайлы болыў, кене шағыўдан сақланыў, малларда кене анықланса, ветеринария қәнийгелерине мүрәжаат етип, олардың усынысына көре кенелерге қарсы химиялық дәрилеў жумысларын алып барыў, қойларды қырқым жумысларына ҳәмиледар ҳаяллар, жас балалар ҳәм өспиримлерди ислетпеў, қырқым ўақтында тек арнаўлы кийимлерден пайдаланыў ҳәм жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылыў усыныс етиледи.

Р.Исаев,
Нөкис районы АЖБ үгит-нәсият бөлимшеси баслығы, капитан.