Бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири – бул халықты, әсиресе жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат. Оларды кәсип-өнерге үйретип, өнери бойынша исбилерменлигин жүритип, өзиниң жумыс орнына ийе болыўы керек. Бул ушын республикамызда жетерли мүмкиншиликлер бар.
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Дәслеп журналистлер Нөкис транспорт техникумындағы қурылыс тараўындағы маман қәнигелерди таярлаў орайына алып барылып ол жердеги имканиятлар менен таныстырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы “Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарына тийкар Нөкис қаласында “Ишга марҳамат!” Моноорайы ҳәм 2022-2023-жыллардан баслап пайтахтымыз ҳәм Қоңырат районындағы 3 филиалы жумыс алып бармақта. Орай ҳәм филиалларда 20 түрдеги кәсиплик, 6 шет тили ҳәм 6 IT тараўы бойынша оқыўлар шөлкемлестирилген. Өткен дәўир ишинде жоқарыдағы оқыў орынларынан жәми 3090 жумыссыз пуқаралар қамтып алынып, соннан 1653 пуқара оқыўды жуўмақлаған болса, бүгинги күнде 1121 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы “Ўақтынша жумыс ислеў ушын сырт елге кетип баратырған шахсларды ҳәм бәнт болмаған халықты оқытыўды шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып Нөкис транспорт техникумында шөлкемлестирилген Қурылыс тараўының маман қәнигелерин таярлаў орайы жумыссыз жасларды қәсипке бағдарлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бүгинги күнде 300 орынға мөлшерленген орайда қурылыс тараўындағы 14 бағдар бойынша қәсип сырлары үйретилип, әмелият устаханалары, жатақхана, асхана жумыс ислеп, толық имкапниятлар жаратылған.
2023-жылдың 1-апрель жағдайына орайға 1756 пуқара қамтып алынып, соннан 1612 тыңлаўшы оқыў курсларын табыслы тамамлап өз бағдарлары бойынша халықаралық сертификатларға ийе болды.
– 2001-жылы Әмиўдәрья районында туўылғанман. Ҳәзирги ўақытлары жумыссызбан. Қолымнан келгенинше жеңил жумысларды ислеп дәрамат таўып жүрдим. Аймағымыздағы жаслар жетекшиси Нигора Базарбаева моноорайға усыныс етти. Нөкис транспорт техникумында қурылыс тараўы бойынша билим алып, өнер үйренип атырман. Ер жигитке өнер керек екен. Сантехника бойынша үйренгенлерим бойынша, қуда қәлесе өз жумысымды баслаў нийетим бар. Бул бүгинги күн ҳәм қарыйдар талабы күшли қәнигелик деп ойлайман, – дейди Аббаз Кәримов.
Медиа-тур даўамында «Жаңа министрлик – жаңа ўазыйпалар» атамасында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов жаңа министрликтиң структурасы, бағдарлары ҳәм ўазыйпалары ҳаққында сондай-ақ, өткен алты ай даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы улыўма мағлыўмат берип өтти.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тийисли жуўапкерлерден өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
М.Ҳәбийбуллаевтың түсирген сүўретлери.
