коррупцияға қарсы экспертизасы саласындағы қатнасықлар

Бүгинги күнде мǝмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў саласында бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, олардың орынланыўын тǝмийинлеў барысынан ҳуқық қорғаў органлары, мǝмлекетлик басқарыў органлары ҳǝм шѳлкемлери, сондай-ақ халық арасында тоқтаўсыз үгит-нǝсият жумыслары алып барылмақта.
Деген менен бул иллеттиң терең тамыр атыўына себепши болып атырғанлар да ушырасып атыр. Сонлықтан коррупция менен байланыслы ҳǝр қандай ҳǝрекетлер мǝмлекетлик сиясат дǝрежесине кѳтерилмекте.
Коррупцияны келтирип шығарыўшы факторлар бул – коррупцияның көринислери ҳәм оған тийисли ҳуқықбузарлықларды ǝмелге асырыў ушын имканият жарататуғын ҳуқықый нормалар болып есапланады.
Мине, усындай факторлардың алдын алыў мақсетинде жǝне бир ҳүжжет, яғный Ѳзбекстан Республикасының “Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳǝм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди.
Нызам менен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳǝм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы саласындағы қатнасықлар тǝртипке салынады.
Бунда, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы атамасына қысқаша түсиник берип ѳтемиз. Бул – норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердеги ҳәм олардың жойбарларындағы коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды анықлаўға, анықланған коррупцияны келтирип шығарыўшы факторларды сапластырыўға қаратылған усыныслар ислеп шығыў ҳәм шаралар көриўге бағдарланған илажлар жыйындысы.
Бул экспертизаны тийкарынан, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Əдиллик министрлиги ҳǝм оның аймақлық бѳлимлери, бул ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўшылары болған мǝмлекетлик органлары ҳǝм шѳлкемлериниң юридикалық хызметлери, сондай-ақ, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тǝмийинлеўди ѳз жуўапкершилигине алған басқа мǝмлекетлик органлары ҳǝм шѳлкемлери болып есапланады.
Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердеги ҳәм олардың жойбарларындағы коррупцияны келтирип шығарыўшы тийкарғы факторлар булар – нормалардың турақлылығын ҳәм ҳуқықый тәрептен муўапықлығы менен байланыслы болған коррупцияны келтирип шығарыўшы, ўǝкилликлер, ҳуқық ҳәм миннетлемелер менен байланыслы болған коррупцияны келтирип шығарыўшы, ҳǝкимшилик тәртиплер менен байланыслы болған коррупцияны келтирип шығарыўшы, ҳǝм қадағалаў-тексериў искерлиги менен байланыслы болған коррупцияны келтирип шығарыўшы факторлар болып есапланады.
Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў бойынша экспертлер реестри Әдиллик министрлиги тәрепинен жүритиледи.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери тәрепинен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизаси өткизилиўи ўақтында оларға Әдиллик министрлиги менен биргеликте методикалық жәрдем көрсетеди.
Усы орында соны да айтып ѳтиў керек, Өзбекстан Республикасы пуқаралары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, ғалаба хабар қураллары мәмлекетлик уйымлары ҳәм де шөлкемлери тәрепинен өткерилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў процесинде қатнасыўы мүмкин.
Бул дегени, ҳүжжетлерди экспертизадан ѳткизиў тǝртиби нызамлылық, ғǝрезсизлик ҳǝм ашықлық принциплерине тийкарланыўының айқын бир дǝлили екенлигинен дерек береди.
Усындай нызам ҳүжжетлериниң қабыл етилиўи мǝмлекетимизде нызам үстинлигиниң тǝмийинлениўиниң жǝне бир кепили болыўын тǝмийинлейди десек қәтелеспеймиз.
Нурья Бердиниязова,
Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлигиниң ҳуқықый мǝлимлеме бойынша бас мǝслǝҳǝтшиси ў.ў.а.