Ҳәр бир дәўирдиң ѳз басылымы, ѳз оқырманлары болады. Кең жәмийетшиликке елимизде жүз берип атырған түрли жаңалықлар менен мазмунлы мақалаларды жеткерип бериўде газетаның орны айрықша. Ѳзиниң 90 жылдан аслам тарийхына ийе «Қарақалпақстан жаслары» газетасы халқымыз бенен бирге болып, түрли асырымлардан асып келмекте. Бүгин Ҳүрметли Президентимиздиң ғамқорлығы астында Жаслар сиясатын ен жайдырыўда үлес қосып келмекте. Газета-халықтың айнасы. Газета халықтың мүлки. Сондай екен газета халық ушын хызмет етеди.
Республика турмысына байланыслы күнделикли хабарлар, ўақыялар ҳәм жаңалықлардан, жасларды әдеп-икрамлылыққа, мәдениятлыққа, миллий салт-дәстүрлеримиз бенен мийрасларымызды қәдирлеўге тәрбиялайтуғын мақалаларды турақлы түрде оқығыңыз келсе сүйикли газетамыз «Қарақалпақстан жаслары» газетасына 2024-жыл ушын жазылыўға асығың!
