Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-апрель күнги Пәрманы ҳәм де Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 30-август күнги қарарына тийкар Mobil-ID системасы жолға қойылды.
Тийкарынан, ҳүжжетте халыққа мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм аңсат формада көрсетиў көлемин асырыў ҳәм пуқаралардың мәкемеме-мәкеме әўере болып жүриўиниң алдын алыў, мәмлекетлик шөлкемлердиң мәлимлеме системасы арқалы электрон тәризинде әмелдеги мағлыўматларды исенимли қорғаў бойынша ислерди избе-изликте даўам еттириў зәрүрлигин айтып өткен.
Усыған тийкар 2022-жыл 1-августтан баслап, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шахсты идентификациялаўдың әмелдеги система ҳәм қуралларына қосымша түрде физикалық шахсты идентификациялаўдың Mobil-ID системасы енгизилиўи белгиленди.
Ал, бул система қандай ислейди және оның абзаллықлары неде? – деген сораў пайда болыўы тәбийий.
Соны да айтыў керек, Mobil-ID системасы «Электрон ҳүкимет» системасы пайдаланыўшыларын идентификациялаў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасының структуралық бөлеги есапланады ҳәм шахсты оның мобил телефон номери арқалы идентификациялаўды нәзерде тутады. Шахсты Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациялаў пуқараның қәлеўине көре мәмлекет хызметлер орайы ямаса нотариал мәкеме тәрепинен ямаса бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлер порталының мобил қосымшасы арқалы әмелге асырылады.
Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен тиккелей орай ямаса нотариал мәкемеге барып мүрәжат еткенде, шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетти усыныс етиледи ҳәм де орай ямаса нотариал мәкеме жумысшысы тәрепинен пуқараның жүзи цифрлы форматта сүўретке алынады, электрон формада қол бармағы изи алынады ҳәм мобил телефон номери Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталындағы жеке кабинетке байланысады.
Тағы бир қолайлы тәрепи сонда, Mobil-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталының мобил қосымшасынан пайдаланылғанда аралықтан биометрик идентификациялаў (Face-ID) усылы ямаса ID-картадағы электрон цифрлы қол қолланылады ҳәм де мобил телефон номери Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетке бийпул байланысады.
Тиккелей орайлар ямаса нотариал мәкеме арқалы пуқараларды Mobil-ID системасына идентификация қылыў 2022-жыл 31-декабрьге шекем төлеў өндирилместен, 2023-жыл 1-январьдан баслап базалық есаплаў муғдарының 2 проценти муғдарында бир мәртелик төлеў өндирилип, әмелге асырылады.
Әпиўайыластырып айтқанда, Mobil-ID системаға өтиў арқалы бюрократия тосықларын тоқтатыў менен бирге қағазпазлыққа шек қойылады. Солай екен, мәмлекетимизде «Инсан қәдири ушын» ийгиликли идеясы әмелге асырылып атырған екен, Mobil-ID системасы бул умтылыў-ҳәрекетлерди ақылға сай ҳәм әдил тәризде жолға қойыўда зәрүрли фактор болып хызмет етиўи сөзсиз.
А.Ихласов,
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.
