Санлар сөйлегенде

ҚУРЫЛЫСТА ОРЫНЛАНҒАН ЖУМЫСЛАР

2023-жылдың январь–декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасында жәми 6 трлн. сумлық қурылыс жумыслары орынланған. Республикамызда орынланған қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс кәрханалар тәрепинен орынланған қурылыс жумыслары үлеси 10 % ти, киши кәрхана ҳәм микрофирмалар үлеси 69,4 % ти ҳәм де рәсмий болмаған секторларда орынланған қурылыс жумыслар үлеси 20,6 % ти қурады.

мийўелер жетистириў көлеми

2023-жыл январь–декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасында бәрше түрдеги хожалықлардан 67,2 мың тонна мийўелер жетистирилди. Өсиў пәти 2022-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 105,8 % ти қурады.
Мийўелер жетистириў көрсеткишлери хожалық тайпалары бойынша анализ етилгенде, мийўе жетистириўдиң ең үлкен көлеми – 29,8 мың тонна фермер хожалықларында гүзетилген.

Қарақалпақстан Республикасының импорты

2023-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасының импорт көлеми 205,5 млн. АҚШ долларын ҳәм 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 83,4 % ти қурады. Импорт қурамында ең үлкен үлес, машиналар ҳәм транспорт әсбап-үскенелери (25,7 %), азық-аўқат өнимлери ҳәм тири ҳайўанлар (17,5 %), санаат өнимлери (10,2 %) ҳәмде химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киритилмеген усыған уқсас өнимлер (12,4 %) есабына туўра келди.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.