– Ҳәй ҳаяллар, ҳаяллар нелерди ойлап таппайсыз-ай. Биреў тоңып секиреди, биреў тойып секиреди, – деген екен. Ҳәзирги ўақытта тоқлыққа шоқлық етип атырмыз. Бақшаны тамамласа да, мектептиң 1-4-классларын питкерсе де алтын жүзик әпересизлер. Өзимизди емес, өзгени де ойлайық. Ал, сеники биринши, бир перзентиң ушын берерсең, басқаларда не, бир үйде екеў-үшеў. Оларды «батпаққа батырмақшысыз ба»?
Жөнелисли таксидеги ер адамның келиншеги менен сөйлесиўи ҳәммениң дыққатын қаратып, бираз тартыслы пикирге себеп болды.
Перзенттен ҳеш нәрсени аямайсаң. Олардың бир күлгени менен қуўанғанына жетпейди. Қапа болғанын ямаса қатарының алдында муңайып турғанын ҳеш бир ата-ана қәлемейди. Бирақ, ҳәр шаңарақта ҳәр түрли жағдай екенин де умытпаўымыз керек емес пе?
Соңғы ўақытлары дәстүрлеримизге «жаңа модалар» қосылып атырғаны қулақларымызға шалынып, социаллық тармақларды «жарып» атыр. Мектепти питкерген ўақытта қолға салынатуғын алтын жүзиклер бала бақша апаларға да берилип атырғаны оғада шоқлық емес пе, әзийзлер?
Және кишкене тәрбияланыўшыларға питкериўши екенлигин билдириўши бас ҳәм үстки кийимлер кийдириўимиз ойландырарлық жағдай. Перзентлеримиздиң бүгинин емес, келешегин ойлайық, ата-аналар.
Устаз ҳәм муғаллимлерге рахмет, олар тәрбиясын, билимин бериўден жалықпайды. Алтын да талап етпейди. Бирақ, алтын менен өлшенетуғын тәрбияны сизлер менен бизлердиң ойлап табыўымыз қәтелигимиз. Сиз не дейсиз әзиз пикирлеслер?
Зибира АБДИНИЯЗОВА, арнаўлы хабаршымыз.
