Киберқәўипсизлик – сергекликтен дәрек

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаментиниң Киберқәўипсизлик департаменти тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында өткерилетуғын «Кибермәдениятты арттырыў айлығы – «Cyber-month» комплексли үгит-нәсият илажлары бойынша ғалаба хабар қураллары ҳәм тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығыныӊ биринши орынбасары Н.Ерлепесов, усы илажлардың басламашысы ҳәм бирге ислесиўши шөлкем ўәкили, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаментиниң Киберқәўипсизлик орайы баслығының орынбасары С.Садиков, жуўапкер хызметкери Л.Атоев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник Б.Төребеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилетуғын илажлардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги технология әсиринде интернеттен, социаллық тармақлардан пайдаланбайтуғын инсанды табыў қыйын. Әлбетте, кимдур бул арқалы өзине керекли мағлыўматларды алса, ал басқалар әтирапымызда, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди үзликсиз бақлап барады. Интернеттиң турмысымызға кирип келиўи өз гезегинде бир қанша қолайлықлар жаратыўы менен бирге, алдаўшылықтың жаңа көринислериниң пайда болыўына алып келди.

Нәтийжеде сизиң ҳәм бизиң жақынларымыз, жерлеслеримиз олардың дузағына түсип алданып қалыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Мийнети, маңлай тери менен жыйналған пулларынан айырылмақта. «Кибермәдениятты арттырыў айлығы» – Cyber-month» комплексли үгит-нәсият илажының өткерилиўинен гөзленген мақсет – усы сыяқлы нызамбузыўшылықларды сапластырыў, пуқараларды сергекликке шақырыў, анығырақ етип айтқанда, кибермәканда жүз берип атырған жынаятларға қарсы гүресиўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Ишки ислер уйымлары ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер республикамызда усындай жынаятшылықларды сапластырыў, пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер болып есапланады. Соның менен бирге, әлбетте, ғалаба хабар қураллары ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер де «Кибермәдениятты арттырыў айлығы» – Cyber-month» комплексли үгит-нәсият илажларында белсене қатнасып, кибермәканда жүз берип атырған нызам бузыўшылықлардан пуқараларды хабарландырыўда ҳәм олардың ҳуқықый билимин арттырыўда өз үлесин қосыўы керек.

– Бүгинги күнде, барлық аймақларда жүз берип атырған жәми жынаятлар арасында интернет ҳәм компьютер технологиялары менен байланыслы жынаятлар кескин көбейип бармақта, – дейди Киберқәўипсизлик орайының жуўапкер хызметкери Л.Атоев.

– Сол себепли Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманының 4-қосымшасы менен «Өзбекстан – 2030» стратегиясының Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў бағдары бойынша 2024-жылға белгиленген әмелий илажлар режеси» тастыйықланған.

Усы Режениң 30-бәнтинде «Пуқаралардың кибержынаятлардың жәбирлениўшисине айланыўының алдын алыў ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиўде пуқараларда «кибергигиена»ны қәлиплестириў» ўазыйпасы ишки ислер министрлигиниң жуўапкерлиги астында министрликлер, мәкемелер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жүкленген.

Қарақалпақстан Республикасында кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм халықтың кибердүньядағы қәўиплерге иммунитетин арттырыў мақсетинде 2024-жылдың 1-31-июль күнлери Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайы, Республикадағы мәпдар мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте үгит-нәсият илажларын өткериў белгиленди.

Илажлар даўамында инновациялық үгит-нәсиятлаў усылларынан пайдаланған ҳалда республикамыздағы барлық билимлендириў мәкемелериниң жаслары, мәҳәллелердеги пуқаралар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысшы-хызметкерлери, ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер, майыплығы болған пуқаралар, жумысшы-хызметкерлер, жаслар менен биргеликте бир ярым миллионнан аслам адамды қамтып алыў режелестирилмекте.

Үгит-нәсиятлаў илажлары ҳаққында толық «@Cyber_102» телеграмм каналы арқалы мағлыўмат алыўға болады. Илажларда тийкарынан 5 бағдардағы комплексли үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылып, барлық кәрхана ҳәм шөлкемлер, мобиль үгит-нәсият топарлары арқалы шетки аймақлар қамтып алынады.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар айлық шеңберинде өткерилетуғын илажлар, мәҳәллелерде, журналистлер ҳәм блогерлер арасында өткерилетуғын таңлаўлар ҳәм басқа да жарыслар, киберқәўипсизлик, кибержынаятлар ҳаққында мағлыўматларға ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлиги.