Ҳәр бир даўыс келешегимизди белгилейди

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 36-статьяларына муўапық, ϴзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 26-июльдеги 1354-санлы қарары менен 2024-жылдың 27-октябрь күни ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерине депутатларды сайлаў күни деп белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзилип, комиссия қурамы тастыйықланды. Бүгинги күнде олардың ҳәр бири өзлерине тийисли ўазыйпаларды атқарып келмекте. Сондай-ақ, өткерилетуғын сайлаў процесслерин оператив түрде ғалаба хабар қураллары арқалы кең жарытып барыў мақсетинде комиссия жанынан аймақлық баспасөз орайы шөлкемлестирилген.

Соннан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериў бойынша Календарлық жобасы ислеп шығылды.

Календарлық жобада сайлаў процесиниң алты бағдары бойынша 47 бәнттен ибарат тийкарғы илажлар қамтып алынған болып, ҳәр бир илажды әмелге асырыўдың анық мүддетлери ҳәм орынлаўшылары белгиленип алынды. Календарлық жобаның және бир әҳмийетли ўазыйпасы – сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ҳәрекетлердиң барлық сайлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен синхрон түрде орынланыўын тәмийинлеў есапланады.

Биринши бағдар – сайлаў округлери, сайлаў участкалары ҳәм сайлаў комиссияларының жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы тийкарғы илажларды өз ишине алған болса, екинши бағдар – сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириўге байланыслы илажларды қамтып алады.

Үшинши бағдар болса, сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўы, депутатлыққа талабанлар ҳәм олардың исенимли ўәкиллерине бағышланған.

Календарьлық режениң бул бағдарында сиясий партияның ўәкилликли ўәкилин дизимнен өткериў, сайлаўда қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен ҳүжжетлер усыныў, сиясий партияның сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў, сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабан көрсетиў, талабанларды дизимге алыў, талабанның исенимли ўәкиллерин дизимге алыў сыяқлы илажларды әмелге асырыў избе-излиги бойынша белгиленген.

Төртинши бағдарда сайлаў кампаниясы дәўиринде сайлаў алды үгит-нәсиятлаў, сайлаў процесслерин сәўлелендириў мәселелерин өз ишине алады.

Бул бағдар Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған режелерде белгиленген тәртип ҳәм принциплер тийкарында сайлаў кампаниясы дәўиринде ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, сиясий партиялар ушын эфир ўақтын ҳәм баспа майданын бөлистириў, сиясий партиялар, депутатлыққа талабанлар тәрепинен сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды өткериў илажлары қамтып алынған.

Бақлаўшылардың сайлаўдағы қатнасыўы менен байланыслы мәселелерге бесинши бағдар бағышланған. Онда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм сиясий партиялар өз бақлаўшылары ҳаққында аймақлық сайлаў комиссиясына мүрәжат етиўи, аккредитация етилген бақлаўшылардың дизимин жәриялаў сыяқлы әҳмийетли илажлар қамтып алады.

Алтыншы бағдар – сайлаўда даўыс бериўге таярлық көриў, даўыс бериўди өткериў ҳәм сайлаў нәтийжелерин анықлаў илажларын нәзерде тутады.

Бул бағдар сайлаў үскенелерин (байрақ, герб, жасырын даўыс бериў кабинасы, стационар ҳәм көшпели даўыс бериў қутысы ҳәм басқалар) тийисли орынларға жеткериў, сайлаў бюллетеньлерин таярлаў ҳәм оларды жеткерип бериў, мүддетинен алдын даўыс бериў ҳәм басқа бир қатар илажлардан ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар аймақлық бир мандатлы сайлаў округлери бойынша көппартиялық тийкарында бес жыл мүддетке өткериледи. Сайлаўда Нызамшылық палатасының 4 депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси 65 депутаты, 375 қала ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары сайланады. Соған бола, 2 200 ден аслам талабанлар, 6 мыңнан зыят олардың исенимли ўәкиллери сайлаў процессинде белсене қатнасыўы ҳәм де 10 мыңнан зыят сайлаў комиссиялары ағзалары шөлкемлестириўши ретинде қатнасады.

Усы жылы өткерилетуғын сайлаўлар алдынғысына салыстырғанда өзгеше болады. Себеби, сайлаўдың технологиялық жаңалығы сыпатында иске түсирилген “E-Saylov” мәлимлеме системасы енгизилген. «E-Saylov» мәлимлеме системасы арқалы сайлаў комиссияларының сиясий партиялар, талабанлар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары менен дерлик 60 түрдеги процесслер толық электрон тәризде әмелге асырылады. Мәлимлеме системасы басқа электрон платформалар менен интеграцияланған болып, сайлаўдағы көплеген тәртип-қағыйдалар инсан факторысыз толық автоматластырылған тәризде алып барылады.

Бул системада 400 мыңға жақын сайлаў процесси қатнасыўшылары, соның ишинде сайлаў комиссиясы ағзалары, депутатлыққа талабанлар, бақлаўшыларға тийисли жүдә көп мағлыўматлар базасы қәлиплескен. Мәлимлеме системасы сайлаўшылар ҳәм сайлаў участкаларына тийисли статистикалық мағлыўматларды алыў, барлық түрдеги сайлаўлары бойынша депутатлыққа талабанлар ҳаққында информацияға ийе болыў, интерактив карталарда депутатлыққа талабан ҳәм олардың өмир баяны менен танысыў имканиятын береди.

Соның менен бирге партия дизими Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан соӊ, усы дизимге киргизилгенлер депутатлыққа талабан статусын алады ҳәм оларға гүўалық бериледи. Партия дизимине киритилген талабанлар усы сиясий партияныӊ ағзалары яки партиясыз болыўы мүмкин. Басқа сиясий партияныӊ ағзалары усы дизимге киритилиўи мүмкин емес. Депутатлыққа талабанларды таӊлап алыў тәртиби сиясий партиялар тәрепинен белгиленеди. Ҳаял-қызлардыӊ саны бир мандатлы сайлаў округлери бойынша, сондай-ақ партия дизими тийкарында сиясий партиядан көрсетилган депутатлыққа талабанлар саныныӊ кеминде 40 процентинен кем болмаўы керек.

Сайлаўлар – сайлаў кампаниясында қатнасыў арқалы сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўдыӊ бир формасы. Ол ҳәр бир пуқараныӊ өз келешеги, ўатанымыздыӊ гүллениўи, халқымыздыӊ абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы сиясий процесс болып табылады. Сайлаўда қатнасыў, жəмийетимиз келешеги ушын бийпарық емеслигимизди аӊлатады.

Минажатдин Қутлымуратов,

Қарақалпақстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз орайы баслығы.