Жер ресурслары – инвестициялық имканият

«Исбилерменлик ҳəм қаласазлық искерлигин əмелге асырыўда жер ресурсларының инвестициялық мүмкиншиликлеринен нəтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы Пәрманы тийкарында:

а) аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы ямаса ижара ҳуқықы тийкарында, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижара ҳуқықы тийкарында сатып алыў муғдарын төмендеги шəртлерде ҳəр айда тең үлеслерде, қалдық суммаға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында пайыз есапланып, бөлип төлеўге руқсат бериледи:

Ташкент, Нөкис қалалары ҳəм ўәлаятлар орайларында – 3 жыл даўамында кеминде 35 пайыз муғдарында дəслепки төлемди он бес жумыс күнинде əмелге асырыў шəрти менен;

басқа халық пунктлеринде – 5 жыл даўамында, 4- ҳəм 5-категориядағы районларда болса 10 жыл даўамында кеминде 15 пайыз муғдарында дəслепки төлемди он бес жумыс күнинде əмелге асырыў шəрти менен;

б) барлық түрдеги жер участкаларының муғдарын он бес жумыс күнинде толық төленген жағдайда, жəми суммаға салыстырғанда 20 пайыз шегирме  бериледи, буннан басланғыш баҳасы 50 пайыздан артыққа кемейтирилип, реализация етилген жер участкаларынан тысқары;

в) жер участкаларынан ең жақсы усынысты таңлаў тийкарында баҳалаӯшы шөлкем анықлайтуғын базар баҳасында Министрлер Кабинети тəрепинен туўрыдан-туўры реализация етилгенде, бул жер участкасы ушын төмендеги көринислерден биринде есап-китап етилиўи мүмкин:

жер участкасының баҳасын тиккелей төлеў, сондай-ақ, бул бантке муўапық бөлип төлеў;

жер участкасының баҳасын талабан тəрепинен шөлкемлестирилген (шөлкемлестирилетуғын) хожалық жəмийетиниң устав фондына белгиленген шəртлер тийкарында мəмлекет үлеси ретинде киргизиў.

Р.Есимбетов,

«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.