Юбилей мүбәрек, қәдирдан газета!

Республикамыздағы газеталардың көшбасы болған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының шыққанына быйыл 100 жыл толады. Архив ҳүжжетлери бойынша 1924-жыл Қарақалпақстан аймағында қарақалпақ тилинде еки газета басылып шығып турылған. Биринши Төрткүл қаласында ­«Биринши адым» 1000 тираж бенен, Хожелиде болса 250 тиражлы «Еркин қарақалпақ» газеталары шығып турған.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасы 1924-1930-жыллары «Еркин қарақалпақ», 1930-1931-жыллары «Мийнеткеш қарақалпақ», 1931-1957-жыллары «Қызыл Қарақалпақстан», 1957-19992-жыллары «Совет Қарақалпақстан» атамалары менен басылып шыққан. 1992-жылдан баслап усы күнге шекем «Еркин Каракалпакстан» деген атама менен шығып келмекте.

«Еркин қарақалпақ» газетасының дәслепки жуўаплы редакторы Сейтқалий Ағайдаров болған. Бүгинге шекем белгили инсанлардан Қасым Аўезов, Сейфулғабит Мажитов, Тамендер Сафиев, Төлепберген Қайыпбергенов, Оразхан Қәлимбетов, Толыбай Аллияров, Ибрайым Юсупов, Шарап Уснатдинов, Елмурат Байназаров, Қәллибек Бекжанов, Қуяш Юсупов, Кеңесбай Реймов, Кеңесбай Каримовлар ҳәм басқа да көплеген инсанлар басшылық еткен.

Газета ҳәптесине 5 мәрте шығып турған. Айырым жылларда оның тиражы 70000 болған. Бүгинги күни ҳәптесине 3 мәрте шығады.

Газета бүгинги күнге шекем республикамыздың жәмийетлик сиясий турмысын тарийх бетлерине мөрлеринип қалыўына үлкен үлес қосып киятыр.

Газетаның мийнет жәмәәтин 100 жыллық юбилейи менен қутлықлаймыз. Бир әсирди артқа таслаған сүйикли газетаның еле неше жыллар өз оқыўшыларын қуўанта бериўине исенемиз.

Бул мағлыўматлар А.Оразовтың «Қарақалпақстан баспасөзиниң пидайылары» китабынан алынды.