Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 23-декабрьдеги “Гимнастика спорт түрлерин және де раўажландырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында Ферғана, Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында заманагөй гимнастика орайлары қурылыўы көрсетилген еди. Көп ўақыт өтпей пайтахтымыз орайы, “Темир жол” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 27-санлы орта мектеп жанынан заманагөй гимнастика орайының бой тиклеўи, спортшы жасларымыздың қуўанышында шек болмады. Әсиресе, жәҳән стандартлары талап
ларына жуўап беретуғын бул орайдың саўлаты да пайтахт турғынларының ҳәўесин арттырып, ул-қызларын спортқа бағдарламақта.
Гимнастика орайында спорт залы 132 спортшыға мөлшерленип, асхана ҳәм жатақханасы да бар. Бул жерде 1 класстан, 11 классқа шекемги спортқа қызығыўшы балалар шуғылланыў имканиятына ийе. Гимнастика орайында гимнастика спорт түрлериниң 3 олимпия жөнелиси яғный спорт гимнастика, көркем гимнастикасы ҳәм трамполип спорт түрлери бойынша шынығыўлар алып барады.
Гимнастика орайы Қытай мәмлекетиниң “TAISHAN” компаниясының 4,5 миллиард сумға спорт инвеньтарлары орнатылып, спортшылардың шынығыўлар ислеўине толық имканият жаратылған. Ҳақыйқатында да усыншама спортшы жаслар ушын жаратылып атырған қолайлықлар инсан ҳәўесин арттырады. Имканият бизден, умтылыс сизден деп спортшы жасларға есигин ашқан бул орайдың имканияты шексиз.
Көркем гимнастика – сулыўлық пенен шеберликтиң үйлесими
– Елбасшымыздың спортқа, спортшы жасларға деген итибарын, ғамқорлығын сөз бенен жеткериў қыйын. Яғный, гимнастикашы спортшы жаслар ушын жәҳән талапларына жуўап беретуғын имканияттың пайдаланыўға берилиўи спортшылар ушын үлкен мотивация болды. Көркем гимнастика-нәзиклик пенен ийкемлиликти, сулыўлық пенен күшлиликти талап ететуғын өзгеше спорт түри. Спортшылар музыка ырғағы менен түрли шынығыўлар жасап, эстетикалық заўық бағышлайды. Мийнеткешликти талап етеди. Сол ушын да 6 жастан 17 жасқа дейин қызлар қызығыўшылығын билдирип келип, тынымсыз ислесемиз. Қыйыншылығынан қашпай, төзимлилиги, ықрары күшли спортшыларды умтылысына қарап, профессиональ спортқа жөнелтемиз.
1999-жылы 4-санлы жас өспиримлер спорт мектебине көркем гимнастика бойынша тренер болып жумысқа кирип, спортшылар менен тынымсыз шынығыўлар алып барып, жарысларға қатнастырыў арқалы шыңларға бағдарлап атырман. 2003-жылы Әндижан қаласында Өзбекстан бириншилигинде Улсара Ембергенова деген оқыўшым 3-орын, Ким Юля 3-орын ийелесе, сол жылы “Ёшлик” бириншилигинде Қарақалпақстан командасы 3-орынды ийеледи. 2005-жылы Қаршы қаласында өткерилген “Үмит ниҳоллари” жарысында Дилназ Жолдасбаева 3-орын, ал Наргиза Жуманиязова деген оқыўшым 2021-2023-жыллары Азия жәҳән кубогинде ҳәм Азия чемпионатларында сыйлы орынларды ийеледи, – дейди 25 жыллық тәжирийбеге ийе тренер Гулбаҳар Бабажанова.
“Көркем гимнастика – тек спорт ғана емес, ол өнер. Ол физикалық күшти ғана емес, онда артистлик қәбилетти де талап етеди” деген тренердиң пикирин, бир шынығыў ўақтын тамашалап гүўасы болдым. Бойлары, қәдди-қәўмети, өзлерине жарасқан кийимлери нама ырғағында атқарылған шынығыўлар кишкене спекталь тамашалағандай заўық бағышлайтуғынлығы менен ең жас спорт екенлигин аңлатты.
Зибира Абдиниязова,
арнаўлы хабаршымыз.
