Медициналық кѳрик ҳәм муқаддес шаңарақ

Жас жубайлардың некеден алдын медициналық кѳриктен ѳтип, ѳзиниң саламатлығын анықлаў оғада әҳмийетли. Олар медициналық кѳриктен ѳтип болғаннан кейин шыпакерлердиң берилген жуўмағына қарай жуўмақ жасағаны мақул деп ойлаймыз. Бул ҳаққында жаслар арасында ПҲАЖ бѳлими хызметкерлери дәўир талабына муўапық оқыў орынлары, аўыл пуқаралар жыйыны, медицина тараўы хызметкерлери менен бирликте «Некениң-әҳмийети» ҳаққында кең түрде түсиник жумыслары алып барылмақта.

«Аўырыўды емлегеннен, оның алдын алған жақсы» дегендей, некеден өтип, шаңарақ қурыў үлкен жуўапкершиликтен ибарат екенин ҳәр биримиз түсиниўимиз керек. Өйткени, ең дәслеп саламат орталық жаратылыўы тийис. Саў анадан – саў бала деген. Болажақ ананың саламатлығы арқалы бахытлы шаңарақ қәлиплеседи. Шаңарақтағы татыўлық ҳәм бахыт та ең әўели саламатлықтың арқасында болады.
Соның менен бирге медициналық мәдениятқа әмел етиўимиз шәрт «Аўырыўды жасырсаң ысытпасы әшкар етеди».
Шаңарақты тартыў аңсатқа түспейди. Үлкен үйге не керек болса, кишкене үйге де сол керек. Әлбетте, соның ушында ҳәр бир инсанның шаңараққа деген талўасы күшли болса, арқайын тартып кете алады. Ата-ананың ақылын алып, ойласықлы ис ислесе, ҳәр бир жас шаңарақтың алға ѳрлеўине қолайлы имканиятлар жаратылады. Ўақыт дизгини жылдырымдай ѳте береди. Жас шаңарақта нәрестелер пайда болып, бесиклер шайқалып үйге берекет киреди. Жас жубайлар бир-бирине ҳадал исеним пайда етсе, некесине садық болып, қыйыншылықларға тѳтепки берип, муқаддес шаңарағын сақлап қалыўға ериседи.
Дүньяға келген перзентлерин аймалап, қатарынан кем қылмай, әдепли мийрим шәпәәтли етип тәрбиялап, камалға жеткереди. Заман талабына сай жасларды ҳәр тәреплеме жетилистирип, медициналық кѳриктен ѳтиўдиң әҳмийети ҳаққында олар арасында үгит-нәсият жумысларын турақлы түрде жүргизип атырмыз. Белгиленген ис-илажлар тийкарында басқышпа-басқыш жумыслар даўам ете береди. Ҳәр бир жубайға беккем саламатлық, шаңарағының беккем болыўына тилеклеспен.
Зийнеп АЛИЕВА,
Кегейли районы 1-санлы ПҲАЖ бѳлими инспекторы.