Физикалық яки юридикалық шахслар киши көлемли кемелерди сатып алғаннан соң техникалық жағдайына қарамастан, 30 (отыз) ис күнинен кешиктирместен оларды дизимнен өткериўи шәрт.
Киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Киши көлемли кемелер бас инспекторы тәрепинен әмелге асырылады.
Физикалық шахсларға тийисли болған кемелер – олардың турақлы дизимнен өткен орны бойынша, юридикалық шахсларға тийисли болған кемелер олардың юридикалық мәнзили бойынша дизимнен өткериледи.
Киши көлемли кемелерди дизимнен онлайн өткериў мүмкин, бунда «gims.fvv.uz» интернет мәнзилиндеги «Киши көлемли кемелер» хабарландырыў дизими арқалы электрон мүрәжат жибериў зәрүр. Кемелерди дизимнен өткериўде физикалық ҳәм юридикалық шахслардан моторлы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ушын базалық есаплаў муғдарының 20 пайызы, моторсыз киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ушын базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында төлемлер өндириледи. Кемелерди дизимнен өткериў ушын физикалық яки юридикалық шахслар өзлериниң дизимнен өткен мәнзиллери бойынша Айрықша жағдайлар басқармасына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
Кеме яки оның двигателлери (аспа моторлары) сатып алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (товар шеги, алды – сатты, саўға шәртнамасы, мийрас бойынша мүлкке ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлаўшы гүўалық), ислеп шығарыўшының өзи мүрәжат қылған жағдайда шәрт емес;
дизимнен өткерилиўи ушын төлем әмелге асырылғанлығы ҳаққында хабарнама (квитанция).
Талап етилетуғын ҳүжжетлер өширип жазылған, сызылған ҳәм боялған сөзлер ямаса өзгертиўлер болса, соның менен бирге, ҳүжжетлер оқып болмайтуғын дәрежеде болса, бундай ҳүжжетлер қабылланбайды.
Р.Исаев,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Үгит нәсият бөлимшеси баслығы капитан.
