Тынышлық болған жерде ҳәр күни тойлар болады. Бизлерге яғный, ПХАЖ бѳлимлерине келетуғын келин-күйеўлердиң той күнлери дизимнен ѳткенлерине гүўа боламыз. Той-инсан ѳмиринде ѳзгеше күн. Усы күнге жетиўди ҳәр бир адам кишкенелигинен әрман етеди. Мен тойдан кейинги базы бир келиспеўшиликлер қурбанына айланған ҳаяллар ҳаққында сөз етпекшимен. Әсиресе, ҳаял-қызлардың машқалалары жәмийет тәрепинен бийпәрўа қалдырылмайды.
Мәмлекетимиз тәрепинен ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў бойынша бир қанша жумыслар исленип атырғанын ҳәр бир қәдемде көрип атырмыз. Ҳаял-қызларымыз басшы лаўазымларға, депутатлыққа сайланып атыр. Турмыста жәбир кѳргенлер, жалғыз баслы аналар, ѳмирде ѳз жолын таба алмай атырған ҳаяллардың ҳуқықлары бәрқулла қорғалып турады. Елимиз тәрепинен кем тәмийинленгенлерге үй-жай мәселеси кѳрип шығылып, олар ѳз шаңарағына ийе болып атыр. «Ҳаял-қызлар» дәптери бар.
Ҳаял-қызлардың зорлық-зомбылық кѳриўине жол қойылмайды. Аналарын, гѳззал қызларын сыйлаған елимиз ҳәр күни гүлленип атыр. Гәпимизди алыстан излеп отырмастан, усы жыл 26-август күни Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында елимиздиң раўажланыўына, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған бир қанша қосымша илажларының ис жүзине енгизилгенинен де кѳриўге болады.
Ҳаял-қызлардың емин-еркин ислеўлери, оқыўлары, қәлеген жәмийетлик жумысларға актив қатнасыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған. Олардың ерлер менен бир сапта турып ислеўлери ушын ҳеш қандай тосықлар жоқ. Байрамларда мәмлекетлик атақларға усынылады. Қызларға Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықлар бериледи. Мине, усындай жақсы ислерди кѳзимиз күнде кѳрип турса қандай жақсы еди. Бирақ, тилекке қарсы базы бир шаңарақлардағы ҳаялларға болған ҳүрметтиң тѳменлигин кѳремиз. Ѳзимиз тойына гүўа болып, ПХАЖ бѳлиминен дизимге ѳткерип, үлкен дәбдебе менен берген тойынан соң ажыралып атырған шаңарақлардың да бар екени ѳкинишли. Әпиўайы болып кѳринген, ҳеш бир ажыралыўға дәлил бола алмайтуғын сылтаўлар менен ҳаялына қол кѳтерген ерлердиң соңғы пушайманлығын кѳрип, ҳайран боласаң.
Ҳәмме нәрсеге жеңил кѳз бенен қараўға үйренген жасларымыздың қәтелиги деп, ортада перзентлер жәбир кѳрмекте.
Бүгинги күни ҳәр бир мәканда ҳаял-қызларды зорлықтан қорғайтуғын, олардың ҳуқықларын тиклейтуғын орынлар бар.
Бир сѳз бенен айтқанда биз ҳаял-қызлар ѳз ҳуқықларымызды билип жасайық. Сонда ҳеш бир тараўда машқалалы жумыслар болмас еди.
Гүлназ НУРЫМОВА,
Тақыятас районы Пуқаралық халаты актлерин жазыў бѳлими инспекторы.
