Жақын ўақытларға шекем темир тулпар болған автомобильлерди асфальт жолларда қалдырып, базы кѳшелерге кѳликлерди жүргизе алмай, әўере-сарсаң болар едик. Мине, енди ҳәммемиз гүўасы болып атырғандай пайтахтымыз шеткерисинде жайласқан мәканларға да айрықша дыққат-итибар қаратылмақта.
Пайтахтымыз Нѳкис қаласының 23-санлы «Қумаўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да ҳәзирги ўақытта үлкен адабанластырыў жумыслары алып барылмақта. Усы ўақытқа шекем барлық кѳшелерге шебень ҳәм тас араласпасы тѳгилип, бийикленип тегисленген еди. Енди бул жумыслар және де даўам еттирилмекте. Түнги жақтыландырғышлардың қурып берилиўи турғынлардың қуўанышына-қуўаныш қоспақта.
Ҳәзирги ўақытта бул мәканның халқының саны 6641 адамнан ибарат. 5 жеке меншик шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми, автомобиль жуўыў орны, тигиў цехы, ерлер шаштәрезханасы, «Сәлмен ийшан» жомъе мешити, «Берекет» тойханасы, сегиз хызмет кѳрсетиў саўда орынлары ислеп тур.
– «Қумаўыл» поселкасында 2006-жылдан берли тураман. Имарат кѳтерип, жай тиклегенимизде қатты қыйналдық. Себеби жол жоқ еди. Қурылыс материалларын әкелиўге кѳликлеримиз қумда батып қалар еди.
Енди мине сол машақатлар изде қалды. Есигимиздиң алдынан баслап асфальт кѳшеден жүрип атырмыз. Түнги жақтыландырғыш та қурылды. Биз бундай қолай имканиятлар ҳәм ғамқорлықтан ҳүкиметимизден ҳәм ел басшыларынан жүдә миннетдармыз, – дейди «Урпақлар» кѳшеси 37-жай турғыны Қайрат Исаев.
Ҳәзирги ўақытта «Ислам сүўретши» кѳшесиниң 500 метр, «Дилўар» кѳшеси 385 метр, «Арал қызлары» 687 метр ҳәм «Берекетли ел» кѳшеси 185 метр жоллары асфальтланып басланды. Жѳнелисли таксилер қатнаўы жолға қойылған үлкен кѳшелердиң қапталынан пиядалар ушын тротуарлар да салынды.
Турмысымыздың бундай абаданласыўы ҳәр биримиздиң кеўлимизди кѳтерип, сүйиспеншилигимизди арттырады. Ана Ўатан түсиниги бул ѳз үйиңнен басланады. Шаңарақларда ѳсип-үлкейип атырған перзентлер де күн сайын жаңаланып отырған әжайып үлкеси менен мақтанса арзыйды. Себеби, ҳәзиргидей теп-тегис суп-сулыў жоллар ҳәр биримиздиң балалығымызда да болды деп айта алмаймыз.
«Жаңа Ѳзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында исленип атырған ислер бәршемиздиң кеўлимизде Ана Ўатанға сүйиспеншилигимизди, бир-биримизге меҳир-мүриўбет, адамгершиликтиң ағла пазыйлетлерин және де арттырады.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
өз хабаршымыз.
