Контракт төлемин төлеў мүддети 1-ноябрьге шекем узайтылды
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усы жылдың 8-октябрь күнги тапсырмасына муўапық, 2022-2023-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына базалық ҳәм супер-контракт төлемекши болған абитуриентлер, магистратураға киргенлер ҳәм оқыўын көширген студентлер ушын контрактты төлеў ҳәм студентлер қатарына қабыл етиўди рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 2022-жылдың 1-ноябри (сол күни де) етип белгиленди.
* * *
Гүз-қыс мәўсими басланыўы менен пуқаралардың ыссылыққа болған талабы артады. Усындай ўақытлары үйлериңиздеги ысытыў үскенелери катёл печлерин және бир мәрте қәнигелер тексериўинен өткериў мақсетке муўапық болады. Сонда ғана сиз жақынларыңызды, шаңарақ ағзаларыңызды ийис газинен зәҳәрлениўинен алдын алған боласыз.
«Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети
Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар неше жаста «Меҳир дәптери»нен шығарылады
Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар 25 жасқа толғанда «Меҳир дәптери»нен шығарылады.
Онда, «Меҳир дәптери»нен шығарылып атырған шахслардың бәнтлиги тәмийинленген ҳәм турақ жайы болыўы шәрт.
«Меҳир дәптери»нен шығарылып атырған шахслардың бәнтлиги тәмийинленбеген жағдайларда, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын «Жол картасы» дүзиледи ҳәм «Меҳир дәптери» есабында турыў мүддетиниң бәнтлиги тәмийинленгенге шекем, бирақ 5 жылдан аслам болмаған мүддетке созылады.
Гаджетлер жасы үлкенлердиң көриў қәбилетине зыян жеткере алмайды. Балаларға не?
Компьютерлер, смартфонлар ҳәм басқа да гаджетлер жасы үлкенлердиң көриў қәбилетине унамсыз тәсир етпейди. Бул ҳаққында россиялы офтальмолог, медицина илимлериниң докторы Татьяна Шилова айтып өтти. Оның сөзлерине бола, ноутбук ямаса телефонда узақ ўақыт ислегеннен кейин қолайсызлық көриў қәбилетиниң бузылыўының нәтийжеси емес.
«Айырым жаман әдетлер, мәселен, турмыс тәризи, аўқатланыўды абзал көриў, көриўге унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бирақ, гаджетлер менен ислесиўдиң зыяны жүдә бөрттирилген. Белгили бир тәнепислер менен сегиз-тоғыз саат даўамында компьютерде ислеў үлкенлер көзине пүткиллей норма жүк болып есапланады. Бул әлле қашан көплеген изертлеўлер тәрепинен тастыйықланған», дейди Шилова.
Соның менен бирге, офтальмолог электрон қурылмалардың балалар ҳәм жас өспиримлердиң көриў қәбилетине зыянлы тәсирин тастыйықлайды. Оның атап өтиўинше, баланың көзлери ер жеткенге шекем қәлиплеседи. Соның ушын компьютер ҳәм смартфонлардан жүклениў шекленген болыўы керек. Ҳәр еки-үш саатта тәнепис етиў керек. Бундай минутларда көз ушын пайдалы арнаўлы шығыныўларды орынлаў керек.
