АДАМЛАР

Бар нәрсеге шүкир етип,
Қанаатлы болың адамлар,
Нала шегиў жаман әдет,
Шүкирлик етиң адамлар.

Ҳәмме ўақыт бир-биреўге,
Мийримли болың адамлар,
Ўатан ушын бир өмирге,
Хызмет етиң адамлар.

Үйиңизде жата бермей,
Ерте турың адамлар.

Мийнет етип атызларда,
Нанды ҳадал табыңлар.

Бундай дәўир келе бермес,
Кәдирине жетиң адамлар,
Хәмме ўақыт қуўанышлы ,
Өмир сүриң адамлар.

Наўрыз Аймуратов,
Кегейли районы.