ЛИЦЕНЗИЯЛАР ЕНДИ ЭЛЕКТРОН ФОРМАДА

2020-жыл 1-январьдан баслап автомобил транспортында жолаўшыларды ҳәм де жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халықаралық жөнелислер бойынша тасыў искерлигин әмелге асырыў ушын лицензия ҳәм лицензия карточкаларын электрон формада рәсмийлестириў системасы толық иске түсирилген еди.
Бунда лицензия карточкаларын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжәәт етиўлери керек.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған “Автомобил транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалараралық ҳәм халық аралық жөнелислер бойынша тасыў искерлигин лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти” арқалы автомобил транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халықаралық жөнелислер бойынша тасыў искерлигин лицензиялаў тәртиби және де әпиўайыластырылды. Бул ҳәкимшилик регламентке муўапық енди өзин-өзин бәнт еткен ҳәм юридикалық шахслар көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжәәт етеди. Арза бериўшилер ҳәм лицензиялаўшы орган ортасындағы барлық мағлыўматлар алмасыўы толық электрон көринисте әмелге асырылады.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсеткенлик ушын базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында жыйым ҳәм лицензия карточкаларын бериў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген муғдарларда мәмлекетлик бажы төленеди.
Автомобил транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди тасыўға лицензия бериў ямаса лицензия бериўди бийкар етиў ҳаққындағы қарар арза бериўшиниң сораўнамасында барлық зәрүр мағлыўматлар менен биргеликте, арза берилген күннен баслап бир жумыс күнинен аспаған мүддетте қабыл етиледи.
Д.Қуденов,
Қанлыкөл районы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.