Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл, 29-июнь күнги «Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине юридикалық хызмет көрсетиў искерлигин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарары тийкарында Республиканың барлық қала ҳәм районларында юридикалық хызмет көрсетиў орайлары шөлкемлестирилип, бул орайлар 2021-жылдың октябрь айынан баслап рәсмий түрде өз искерлигин баслады.
Атап өтилген қарар менен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң искерлигин, жумыс барысын ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, мәмлекетлик шөлкемлер хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлығын ҳәм де ҳуқықый мәдениятын асырыў, шөлкемлердиң мүлки ҳәм де басқа ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин өз ўақтында, ҳәр тәреплеме ҳәм де нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен қабыл қылынып атырған ҳүжжетлердиң нызамлы, ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм сыпатлы болыўын тәмийинлеў Орайлар жумысының тийкарғы жөнелислери етип белгиленди.
Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилиўи белгиленген мәмлекетлик мәкеме ҳәм кәрханалардың барлық юридикалық әҳмийетке ийе болған ҳүжжетлери экспертизадан өткериледи ҳәм нызамға әмел еткен ҳалда қабыл қылыныў лазым болған ҳүжжет жойбарларының қабыл қылыныўына рухсат бериледи. Орайлар менен келисилмеген ҳалда юридикалық әҳмийетке ийе болған ҳүжжетлердиң қабыл қылыныўына жол койылмайды, бундай ҳүжжетлер юридикалық күшке ийе болмайды ҳәм олар қабыл қылынған ўакыттан баслап ҳеш қандай ҳуқықый әҳмийетлерди келтирип шығармайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген қарарына муўапық 2021-жыл 1-октябрьден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге юридикалық хызмет көрсетиў менен байланыслы барлык мағлыўмат ҳәм процесслерди толық электрон рәўиште жыйнаў, қайта ислеў, анализлеў ҳәм әмелге асырыў имканиятын бериўши «Е- huquqshunos» электрон системасы иске түсирилди.
Электрон системаға ишки буйрық, шәртнамалар ҳәм басқа юридикалық түрдеги ҳүжжетлердиң жойбарларын қайта ислеў ҳәм жуўмақ алыў ушын юридикалық хызмет көрсетиў Орайларына жибериледи. Орайлардың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен усы жойбарлардың нызамлылығы үйренилип, тийисли жуўмақлар таярланады ҳәм де электрон санлы имза менен тастыйыкланған ҳалда, жойбарды жиберген шөлкемге кайтарылады, нызамға тийкарланбаған жойбарлар болса қабыл қылынбастан қайтарылады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги «Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары искерлигин және де кеңейтиў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық «E-huquqshunos» электрон системасы арқалы юридикалық хызметлер көрсетилетуғын мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер саны кеңейтилди.
Ҳәзирги күнде Юридикалық хызмет көрсетиў орайы хызметкерлери тәрепинен районда жайласқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде жоқарыда атап өтилген қарардың мазмунын, әхмийетин түсиндириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта ҳәм де усы қарарға тийкарланып иске түсирилген «E-huquqshunos» электрон системасы ҳаққында семинарлар шөлкемлестирилип, райондағы тийисли мәкеме кәрханалардың усы система менен ислесиўши жуўапкер хызметкерлерине тийисли түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары реже график тийкарында юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери менен норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси ҳәм де басқада нызамшылыққа киритилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бойыншада үгит-нәсият жумыслары өткерилмекте.
Жуўмақластырып айтқанда пуқаралардың ҳукықый мәдениятын асырыў, мәмлекетимизде қабыл етилип атырған нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеринен хабардар қылып олардың ҳуқықый саўатқанлығын асырып барыў тийқарғы мақсетимиз болып есапланды.
Д.Ержанов,
Шымбай районы әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.
