«Спорт ден-саўлық гиреўи» деп бийкар айтылмаған. Себеби, спорт арқалы инсанның ҳәм физикалық ҳәм руўхый қәбилети артып, раўажланып барады. Спорт сөзиниң түп мәнисине қарайтуғын болсақ, физикалық мәденияттың бир бөлеги болып шынығыў арқалы түрли беллесиўлерди таярлаў ҳәм өткериў систем
асы екенлигин билип аламыз. Оның ең әҳмийетли ўазыйпасы инсанлар денсаўлығын беккемлеў менен бир қатарда беллесиўлерде жоқары нәтийжелерге ерисиў. Ҳәзирги ўақытта елимизде спортқа қаратылып атырған итибар жүдә үлкен. Сол қатарда беллесиўлер шөлкемлестириў ҳәм оны өткериўде күннен-күнге раўажланып бармақта. Сөзимниң тастыйғын төмендеги қатарлардан билип алсаңыз болады.
Усы жылдың 24-сәнесинде Өзбекстан Республикасы Қорғаў Министрлигине қөмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Нөкис қаласы УСТК ҳәм Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бирлигинде «Суңқарлар» әскерий-спорт ойынлары қала басқышы бириншилиги жарысы өткерилди. Жарыс Өзбекстан Республикаси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы гимни астында басланды. Нызам бойынша өткерилген жарыс, яғный, «Суңқарлар» әскерий-спорт ойынларында «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери» дизиминде турыўшы 15-17 жас өспиримлер арасында болды. Жарыста 6 топар яғный, 13-16-20-25-39-43-мектептиң ул-қызлары «Жуўырыў» ҳәм «Оқ атыў» бойынша (шәртлери) өз-ара беллести.
Қызғын ҳәм кеўилли өткен жарыста қызлар арасынан 25-мектеп оқыўшысы Азада Мадетбаева 1-орын, 39-мектептен Моҳира Даўлетбаева 2-орын ҳәм 20-мектептен Турсынай Қурбаниязова 3-орынларды бәнт етти. Ербалалар арасынан 20-мектеп оқыўшысы Азамат Шәрипбаев 1-орын, және 20-мектептен Нурдәўлет Садиков 2-орын ҳәм 43-мектептен Ринат Өкенбаев 3-орынларды ийеледи. Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Муяссархон Ёдгорова,
ҚМУ, Журналистика 3-курс студенти.
