Жаңлай берсин қосықларың-сазларың!

Халқымыздың сүйикли композиторы, устазым,
Нәжимаддин Муҳаммеддиновтың 85 жыллық
юбилейине арнайман!

Мәденият майданында ат шаптың,
Излендиң, талпындың, ықбал-бақ таптың!
Шәкиртлериң жанған жақты жулдызың,
Олар сениң келешегиң-бар бахтың!

Тыңлаған қулақтың қурышын қандырған,
Жүреклерде ышқы отын жандырған!
Йошлы қосық-намаларың жаңғырған,
Саз-сәўбет султаны-Нәжимаддин аға!

Терең туйғылардан нота терип, оздыңыз,
Пири болдың қосық пенен саздың-сиз!
«Әжинияз» операсын дѳретип,
Қарақалпақстан Гимнин жаздыңыз!

«Жүзден жүйрек, мыңнан тулпар», – дегендей,
Устаз болдың дүньяға бир келгендей!
Дәртке даўа сыйқырлы саз дѳреттиң,
Ел-халқыңа руўхый күш бергендей!

Бизлер алдыңызда басты ийемиз,
Мийнетиңди, ѳзиңизди сүйемиз!
Сизден үлги алып Нәжимаддин аға,
Елим деп, журтым деп жанып күйемиз!

Қайырлы атқай таңларыңыз ҳәр күни,
Мыңнан асқай дос-яраныңыз ҳәм ини!
Қарақалпақ сазларының бүлбили,
Ѳзиң болып турсаң Нәжимаддин аға!

85 жасыңыз қутлы-мүбәрек болсын,
Кеўлиңиз қуўаныш-шадлыққа толсын!
Бағыңа бахыттың бүлбили қонсын,
Тилеклеспен бахтыңа Нәжимаддин аға!